Саида Мирзиёева күш структуралары басшыларына наркожынаятшылық ҳәм нәшебентликке қарсы гүресиў бойынша қатаң ўазыйпалар қойды

59

Президент администрациясында күш структуралары басшылары менен жумысшы мәжилис өткерилди. Бул ҳаққында Президент Администрациясы басшысы Саида Мирзиёева хабар берди.

Бул мәжилисте нәшебентлик затлардың саўдасы ҳәм шөлкемлескен жынаятшылыққа қарсы гүресиў қатаң ҳәм турақлы қадағалаўды талап ететуғын әҳмийетли мәселе екени атап өтилди.

Күш структуралары басшылары менен жумысшы мәжилис шеңберинде наркожынаятшылық, жынайый топарлар ҳәм нызамсыз қурал-жарақ айланысына қарсы гүресиў бойынша муўапықластырылған нәтийжели системаны қысқа мүддетте жаратыў ўазыйпасы қойылды.

“Жәмийетте, биринши гезекте жаслар арасында нәшебентлик затлардың тарқалыўына жол қоймаў, жас әўладты нәшебентлик бәлесинен сақлаў ҳәм пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў мәмлекеттиң тиккелей миннети болып есапланады. Бул бағдардағы ҳәр қандай нызамсыз ҳәрекетлерге қатаң түрде шек қойылыўы шәрт,” – Президент Администрациясының басшысы Саида Мирзиёева,- деп мәлимлеме береди xs.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги