Социаллық қамсызландырыў ҳәм жумыссызлықтан қорғаў мәселелери додаланды

Ташкент қаласында социаллық қорғаў ҳәм мийнет базарын раўажландырыўға қаратылған ең әҳмийетли мәселелер бойынша регионаллық семинар болып өтти.
Илаж Азия раўажланыў банкиниң (АРБ) “Сапалы жумыс орынлары ҳәм мийнет тараўының келешеги” жойбары шеңберинде шөлкемлестирилди.
Семинарға Социаллық қорғаў миллий агентлиги, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигиниң жуўапкерлери, сондай-ақ, Орайлық ҳәм Шығыс Азия мәмлекетлеринен келген 50 ге шамалас эксперт қатнасты.













Илажда атап өтилгениндей, социаллық қамсызландырыў системаларын модернизациялаў, мәжбүрий қамсызландырыў механизмлерин күшейтиў ҳәм халықтың ҳәрекетшеңлиги артып атырған шараятта қаржыландырыўдың жаңа көзқарасларын енгизиў – региондағы улыўмалық мақсетлерден бири. Соның менен бирге, Қубла Корея, Таиланд, Малайзия сыяқлы мәмлекетлердиң алдынғы халықаралық әмелияты регион мәмлекетлери ушын бейимлестирилиўи мүмкин болған нәтийжели модельлер сыпатында усынылды.
– Бәринен бурын, бул илажды шөлкемлестириўде жақыннан бирге ислескен Социаллық қорғаў миллий агентлиги ҳәм Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигине өз миннетдаршылығымды билдиремен, – дейди Азия раўажланыў банкиниң ўәкили Омер Бин Зия. – Социаллық қамсызландырыў ҳәм жумыссызлықты қамсызландырыў системаларына бағышланған бул регионаллық семинарды өткериў биз ушын әҳмийетли баслама болып есапланады. Бүгинги мәжилис Орайлық ҳәм Батыс Азия мәмлекетлери, сондай-ақ, усыныс етилген Шығыс Азия мәмлекетлериниң тәжирийбелерин үйрениў, өз-ара пикир алысыў ҳәм нәтийжели әмелиятларды додалаў ушын үлкен имканият жаратады. Өзбекстан социаллық қорғаў системасын избе-из беккемлеў жолында әҳмийетли реформаларды әмелге асырмақта. Ҳәзирги ўақытта ислеп шығылып атырған “Социаллық қамсызландырыў ҳаққында”ғы нызам тез арада қабыл етилиўи күтилмекте. Банкимиз бул нызамды әмелиятқа енгизиў процесинде Өзбекстан ҳүкиметин толық қоллап-қуўатлаўға таяр.
Шаҳноза Маматуропова, Рустам Назарматов (сурат), ӨзА