Абдулазиз ал-Раисий: БАӘ ҳәм Өзбекстанда қағыйда ҳәм режелер ҳәр қыйлы, бирақ мақсет бир, жақсы хызмет көрсетиў

60

Президент Шавкат Мирзиёев 28-ноябрь күни пайтахтымыздағы Халықаралық конгресс орайында бюрократияны сапластырыў мәселелерине бағышланған халықаралық форумның салтанатлы ашылыў мәресиминде қатнасты.

Форумда Өзбекстан Республикасы ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлери ҳүкиметлери, сырт мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлердиң жоқары мәртебели ўәкиллери, мәмлекетлик хызмет тараўындағы жетекши экспертлер ҳәм жәмийетлик белсендилер қатнасты.

Пурсаттан пайдаланып, Бирлескен Араб Әмирликлери әдиллик министриниң орынбасары Абдулазиз ал-Раисий менен сәўбетлесип, бул форумнан күтилип атырған нәтийжелер ҳәм Өзбекстан – БАӘ бирге ислесиўи ҳаққындағы пикирлери менен қызықсындық:

– Өзбекстанға биринши мәрте келиўим. Мәмлекетиңиздеги реформалар итибарға ылайық, бул барлық тараўларды қамтып алады ҳәм әсиресе, Бюрократияны сапластырыў форумының жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгенинен қуўандым, – деди Абдулазиз ал-Раисий. – Күтилгенинен де жоқары дәрежеде раўажланған, заманагөй ҳәм өзине тән орталықты көрдим. Модернизм, инфраструктура ҳәм улыўма атмосфера мәмлекеттиң қаншелли жедел өзгерип атырғанынан дерек береди.

Бир сөз бенен айтқанда, Өзбекстан мен ойлағанымнан да жоқары екен. Ҳүкимет көзқарасынан да өз-ара қатнасықлар оғада беккем, бул бағдарда еки мәмлекет арасында көплеген басламалар әмелге асырылмақта.

Әсиресе, соңғы жылларда өз-ара исеним ҳәм әмелий бирге ислесиў сезилерли дәрежеде артты. Бул тек ғана рәсмий мүнәсибетте емес, ал бизнес, инвестиция, технология ҳәм инсан капиталын раўажландырыў сыяқлы бағдарларда да өз көринисин таппақта.

Және бир әҳмийетли тема – авиақатнаўлар саны. Ҳәр еки мәмлекет арасында ҳәпте даўамында 50 ден аслам рейс әмелге асырылады. Бул рейслер әпиўайы қатнаў емес – олар мәмлекетлеримиз арасындағы ашық-айдынлық, исеним ҳәм жедел байланыслардың белгиси. Туризм, бизнес сөйлесиўлер ҳәм адамлар ҳәрекети мине усы байланыслардың күнделикли турмыстағы ҳақыйқатлыққа айланғанынан дерек береди.

Бюрократия ҳаққында айтатуғын болсақ, биз бир-биримизден нени жақсылаў мүмкин екенлигин, халқымыз ушын не керек екенлигин, хызметлерди қалай жеңил ҳәм нәтийжели етиў мүмкин екенлигин үйрениў имканиятына ийемиз. Бул еки мәмлекет ушын да пайдалы.

Бизде қағыйдалар ҳәм режелер ҳәр қыйлы, бирақ мақсет бир – халқымызға жақсы хызмет көрсетиў. Бул баслама БАӘде еки жыл алдын басланған, соның ушын Өзбекстан менен ортақласыўымыз мүмкин болған белгили тәжирийбелерге ийемиз, буны миннетимиз деп билемиз.

Ҳәр бир мәмлекет өзиниң раўажланыў моделине ийе болса да, халық мәпи ушын жумыс ислеў улыўма қәдирият болып есапланады. Биз БАӘда жолға қойылған системалар, санластырыў, хызметлерди автоматластырыў ҳәм пуқараларға орайласқан қатнас бойынша жетискенликлеримизди Өзбекстан менен бөлисиўге таярмыз.

Еки мәмлекет басшылары халықлары ушын және де жақсы система ҳәм хызметлерди жолға қойыў жолында биргеликте ҳәрекет етпекте. Бул бирге ислесиў стратегиялық шериклик емес, ал ҳақыйқый дослықтың үлгиси, деп есаплайман. Келешекте және де көбирек биргеликте жойбарлар, инновациялық көзқараслар ҳәм халықларымыздың абаданлығына хызмет ететуғын жаңа басламалар әмелге асырылатуғынына исенемен.

Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ,

ӨзАның хабаршысы