Өзбекстан-Канада: инсан ҳуқықлары, гендер теӊлик, миграция ҳәм қәўипсизлик бойынша тәжирийбе алмасылады

60

Олий Мажлис Сенаты Баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоев басшылығындағы Өзбекстан делегациясы Канадаға рәсмий сапары даўамында нәтийжели ушырасыўлар өткерди.

Канада Сенатының Спикери Раймонд Ганье менен ушырасыўда еки мәмлекет парламентлери арасында турақлы сөйлесиўди жолға қойыў, бирге ислесиўди системалы түрде кеңейтиў ҳәм биргеликтеги басламаларды алға қойыў мәселелери додаланды.

Сенаторлар С.Атауллахжан ҳәм М.Равалиа менен болып өткен ушырасыўда парламент дипломатиясы, инсан ҳуқықлары, гендер теңлик, миграция ҳәм қәўипсизлик мәселелери бойынша тәжирийбе алмасыў перспективалары көрип шығылды.

Канада парламенти Жәмәәтлер палатасының Спикери Ф.Скарпаледжа менен ушырасыўда нызамшылық тараўында тәжирийбе алмасыў ҳәм биргеликтеги экспертлер сөйлесиўин шөлкемлестириў бойынша пикир алысылды.

Канада парламентинде “Өзбекстан күни” шөлкемлестирилди. Өзбекстан делегациясы тәрепинен экономикалық реформалар, инвестициялық орталықтағы өзгерислер, ҳаял-қызлар ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаў сиясаты, жасыл энергетика ҳәм инновациялар бағдарындағы жаңа басламалар ҳаққында толық мағлыўмат берилди.

Канада парламенти ағзалары Өзбекстанның кейинги жылларда ерискен жетискенликлерин жоқары баҳалап, еки мәмлекет арасындағы дослық ҳәм бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўге таяр екенин билдирди.

Торонто қаласында жумыс алып барып атырған бир қатар шөлкемлерде ушырасыўлар өткерилди. Онтарио университетлери кеңесиниң президенти С.Орсини менен болып өткен сөйлесиўлер даўамында Өзбекстан ҳәм Канада жоқары билимлендириў мәкемелери тәрепинен биргеликтеги билимлендириў бағдарламаларын жолға қойыў, муғаллимлер ҳәм студентлер алмасыўын кеңейтиў, илимий-изертлеў жойбарларын қоллап-қуўатлаў мәселелери көрип шығылды.

“Vector Institute” басшылары менен ушырасыўда жасалма интеллект, мағлыўматларды таллаў, киберқәўипсизлик, IТ-билимлендириў ҳәм инновациялық изертлеўлер бойынша бирге ислесиў, өзбекстанлы жасларды заманагөй технологиялар тараўына тартыў бойынша анық усыныслар ислеп шығылды.

Канадада жасап атырған ўатанласлар, жаслар ҳәм студентлер менен болып өткен ушырасыўда олардың пикир-усыныслары тыңланды. Халықаралық бирге ислесиў сиясаты, ўатанласлар менен ислесиў процеси ҳаққында толық мағлыўмат берилди ҳәм олар тәрепинен билдирилген усыныслар додаланды.

 

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзА хабаршысы