Санлы технологияларды раўажландырыўда әҳмийетли қәдем

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 22-октябрьдеги 189-санлы Пәрманы тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Фарход Эрманов, Өзбекстан Республикасы Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов ҳәм Қытай Халық Республикасы «Shanghai LinkWise» компаниясының баслығы Ванг Суйху тәрепинен Қарақалпақстан Республикасында «Модульли интеллектуаллық есаплаў орайын қурыў бойынша Ҳәрекетлер режеси»не қол қойылды.
Республикамызда әмелге асырылыўы режелестирилген жойбардың улыўма баҳасы 3,5 миллиард АҚШ доллар болып, ол еки басқышта әмелге асырылады. Атап айтқанда, жойбардың биринши басқышында 700 миллион доллар инвестиция киргизилип, қурылыс жумыслары 2026-жылда басланыўы нәзерде тутылған.
Екинши басқыш келеси үш жылға мөлшерленген болып, 2,8 миллиард долларға шекем қосымша инвестицияларды өз ишине алады. Жойбардың екинши басқышы жуўмақланғаннан соң есаплаў комплексиниң улыўма қуўатлылығы 300 МВт IT-жүклемеге жетеди. Бул болса, оны региондағы ең ири комплекслердиң бирине айландырады. Және бир әҳмийетли тәрепи, бул жойбардың қурылысы, иске қосылыўы ҳәм хызмет көрсетиў басқышларында қосымша жумыс орынлары жаратылады. Оның әмелге асырылыўы жоқары маманлыққа ийе IT-қәнигелер, инженерлер, излениўшилерди таярлаў ҳәм оларды жумысқа тартыў, сондай-ақ, регионаллық билимлендириў инфраструктурасын раўажландырыў ушын хошаметлеўши фактор болады. Республикамыз ушын бул жойбар Орайлық Азияның санлы экономикалық орайын қәлиплестириў, технологиялық еркинликти арттырыў ҳәм халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў бағдарындағы қәдем сыпатында айрықша әҳмийетке ийе.

Соны атап өтиў керек, жойбарды биргеликте әмелге асыратуғын «Shanghai LinkWise» компаниясы Қытайдағы жасалма интеллект, кең өлшемли мағлыўматлар ҳәм суперкомпьютер системалары шешимлерине қәнигелескен жоқары технологиялы компания болып есапланады. Бул компания Қытай технологиялық экосистемасының жетекшилериниң бири болып, мәмлекеттиң стратегиялық басламаларында, соның ишинде, Линганг еркин саўда зонасын раўажландырыў ҳәм «Бир мәкан, бир жол» басламасы шеңбериндеги жойбарларды әмелге асырыўда қатнасып келмекте.
Республикамызда әмелге асырылатуғын бул жойбар Қытай, Мексика, Малайзия, БАӘ ҳәм АҚШта әмелге асырылып атырған «LinkWise» халықаралық басламаларының даўамы болып табылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги