Жаслар “Жасыл мәкан” илажларында белсендилик көрсетпекте

60

Елимизде экологиялық турақлылықты беккемлеў, саламат ҳәм қолайлы орталық жаратыў және жасыл аймақларды кеңейтиўге қаратылған избе-из реформалар процесинде ҳәзирги ўақытта “Жасыл мәкан” улыўма халықлық илажы айрықша орын ийелеп, Президентимиздиң ийгиликли басламасы елимиз бойлап экологиялық сананы арттырыў, тәбиятты қорғаў мәдениятын раўажландырыў ҳәм халықтың белсендилигин арттырыўға хызмет етпекте.

“Жасыл мәкан” ҳәрекети студентлер ҳәм кең жәмийетшиликти бирлестирип, экологиялық жуўапкершилик ҳәм бирге ислесиў руўхын беккемлемекте.

Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалының студентлери де филиал басшылары ҳәм профессор-оқытыўшыларының қатнасыўында “Жасыл мәкан” улыўмахалықлық ҳәрекети идеялары менен үнлес ҳалда өз жумысын алып барып, “Телеорай” МПЖ аймағына барып, абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларын әмелге асырды.

Олар атызларды тазалап, терек нәллерин екти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги