Исбилермен ҳаял-қызлар ушын жаңа имканиятлар

Нөкис қаласында ҳаял-қызлардың экономикалық белсендилигин арттырыўға, исбилерменлик ҳәм өнерментшиликтеги қатнасына бағышланған “Ҳаял-қызлар ушын шексиз имканиятлар: Қарақалпақстан тәжирийбеси” атамасындағы республикалық конференция болып өтти.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Зулайҳо Маҳкамова қатнасып, Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтың басшылығында елимизде ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың исбилерменлик басламаларын хошаметлеў ҳәм жаратылған имканиятлар ҳаққында тоқтап өтти.
Атап айтқанда, соңғы 3 жылдың өзинде 1 мың 400 ден аслам ҳаял-қызлар турақ жай менен тәмийинленди. “Ҳаял-қызлар дәптери” бағдарламасы шеңберинде 193 мыңнан аслам ҳаял-қызларға жәми 292 миллиард сумлық әмелий жәрдем көрсетилип, социаллық қорғаўға мүтәж 450 ден аслам студент-қызларға жәми 3,5 миллиард сумлық шәртнама пуллары төлеп берилди.
Илаж даўамында ҳаял-қызлардың исбилерменлик ҳәм өнерментшилик өнимлериниң ярмаркасы шөлкемлестирилип, олардың потенциалы ҳәм жергиликли өндирислик имканиятлары кең жәмийетшилик итибарына усынылды.

Конференция даўамында ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменлик ҳәм өнерментшиликти қоллап-қуўатлаў, маманлық ҳәм потенциалды арттырыў және жаңа имканиятлар жаратыў мәселелери додаланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги