«Абат шаңарақ”, “Абат көше” ҳәм “Абат мәҳәлле” таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти

75

Оның ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш.Отемисов ҳәм Өзбекстан Мәҳәллелери аўқамы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы С.Турмановлар қатнасып, өткерилип атырған илаждың әҳмийетине тоқтап өтип, қатнасыўшылардың мәҳәллелердиң раўажланыўындағы ҳәрекетлерин жоқары баҳалады.

Аймақлар кесиминде үлгили шаңарақлар, абат аўыл ҳәм мәҳәллелердиң жумысы үйренилип, таңлаў нормалары бойынша баҳаланды. Илаждың тийкарғы мақсети – орынларда үлгили инфраструктура, таза ҳәм тәртипли көшелер, сондай-ақ, үлгили турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў болып табылады.

Бул таңлаўдың районлық ҳәм қалалық басқышларында 452 мәҳәлле, сегиз мыңнан аслам шаңарақ, сондай-ақ, үш мыңнан аслам көше басшылары қатнасқан еди. Бул басқышта район ҳәм қала басқышларында жеңимпаз болған 51 қатнасыўшы өз-ара беллести. “Абат шаңарақ” ҳәм “Абат көше” бағдарларында қатнасыўшылар  төрешилер қурамы тәрепинен қалыс баҳаланып, жеңимпазлар анықланды.

“Абат шаңарақ” бағдары бойынша 1-орын Кегейли районындағы «Гүжим терек» мәҳәллесинен Замира Сагидуллаева, Рустам Қойлыбаев, 2-орын Шымбай районындағы «Бердақ» мәҳәллесинен Мийўаш Төреназарова, 3-орын Қараөзек районындағы «Жаңа Қараөзек» мәҳәллесинен Оразалы Сәрсенбаевларға берилди.

“Абат көше” бағдары бойынша 1-орынды Кегейли районындағы «Мәденият» мәҳәллесинен Марат Даўлетмуратов, 2-орынды Нөкис районындағы «Үлгили мәкан» мәҳәллесинен Жумамурат Калилаев, 3-орынды Елликқала районындағы «Қырыққызабад» мәҳәллесинен Дастанбек Адамбаевлар жеңип алды.

Ал, “Абат мәҳәлле” бағдары бойынша 1-орын Кегейли районындағы «Мәденият» мәҳәллесиниң баслығы Лизахан Уразбаева, 2-орын Нөкис районындағы «Дийқан арна» мәҳәллесиниң баслығы Марат Аминов, 3-орын Қоңырат районындағы «Қаңлы» мәҳәллесиниң баслығы Зилийха Сейдуллаеваларға несип етти.

Жеңимпазлар ҳәм сыйлы орын ийелери таңлаў шөлкемлестириўшилери тәрепинен сыйлықланды. Илаж көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги