Районда кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери додаланды

Қараөзек районы ҳәкимлигинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Бюджет ҳәм экономикалық мәселелер бойынша комитети ҳәм Халық депутатлары районлық Кеңесиниң қоспа мәжилиси өткерилди.
Мәжилиске Сенаттың комитет баслығы Е. Гадоев, комитет баслығының орынбасары Қ. Турсунов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Б.Сейтназаров, Министрлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары Н.Ерлепесов, министрликлер, районлық мәкеме, шөлкемлер басшылары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Мәжилисте Қараөзек районында бәнтликти тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бағдарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша исленген жумыслар ҳәр тәреплеме көрип шығылды. Атап айтқанда, район аймағында жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықты сапластырыў бағдарында қарар ҳәм мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыў барысы талықланып, тийисли уйымлардың есабаты, сенатор ҳәм депутатлардың пикир ҳәм усыныслары тыңланып, алдағы ўазыйпалар белгиленди.

Мәжилис соңында мийманлар, райондағы Жаңа Қараөзек посёлкалық пуқаралар жыйыны гидропоника усылында шөлкемлестирилген ыссыхана жумыслары менен танысты.
Буннан соң топар ағзалары Мәденият аўыл пуқаралар жыйынында болып, бул жерде мәҳәлле жетилиги менен ушырасып, аймақтағы исленип атырған жумыслар ҳәм имканиятлар бойынша кеңнен пикир алысты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги