Сенат: Халықты пестицидлердиң зыянлы тәсиринен қорғаў зәрүр

68

Айырым пестицидлер рак пенен байланысқаны ҳаққында анық дәлиллер бар. Сол себепли, пестицидтиң зыянлы тәсиринен қорғаныў ушын халыққа зәрүр усынысларды жеткериў керек.

Соның ишинде, жеке қорғаныў қуралларынан пайдаланыў, пестицидлерди дурыс сақлаў ҳәм утилизациялаў, мийўе ҳәм овощларды тазалап жуўып жеў мақсетке муўапық.

Сенаттың Илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери комитетинде өткерилген мәжилисте бул ҳаққында сөз болды.

Комитет баслығының орынбасары Орал Атаниязова басқарған мәжилисте пестицидлердиң түрлери, қолланылыўы ҳәм миллий нормативлик базасы, пестицидлердиң инсан саламатлығына тәсири, қоршаған орталық ҳәм азық-аўқат өнимлеринде мониторинг етиў сыяқлы мәселелер додаланды.

Пестицидлердиң инсан саламатлығына тәсир етиў жоллары (суў, азық-аўқат арқалы, пестицидлерди қолланыў процесинде, ыдыс ҳәм контейнерлер арқалы ҳәм т.б.), оның ақыбетинде келип шығатуғын кеселликлер, оларға қарсы гүресиў бойынша сырт ел тәжирийбеси көрип шығылды.

Илаж жуўмағында пестицидлердиң инсан саламатлығына унамсыз тәсириниң алдын алыўға қаратылған усыныслар ислеп шығылды.

Н.Абдураимова,

ӨзА