Жеңимпаз палўанлар күтип алынды

Көпшиликтиң хабары болғанындай, соңғы жыллары республикамызда ҳаял-қызлар гүреси кеңнен ен жайып, жасларамыз арасында бул спорт түри менен шуғылланыўшылар саны көбейип бармақта.
Қуўанышлы тәрепи сонда, бул жаслар арасынан Өзбекстан, Азия ҳәм жәҳән чемпионлары, Олимпиада ойынларының қатнасыўшылары өсип жетилиспекте.
Әсиресе, бунда 2018-жылы 20 жасқа шекемги жаслар арасында өткерилген жәҳән чемпионаты, 2021-жылы Түркияда өткерилген Ислам тилеклеслик ойынларының гүмис медальлары ийеси, 2022-жылы 23 жасқа шекемги Азия чемпионатының жеңимпазы, ересеклер арасында 2019, 2020, 2023-жыллары өткерилген Азия бириншилиги ҳәм Қытайдың Ханчжоу қаласында болып өткен Азия ойынларының қола медалы ийеси, «Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен спортшы» Ақтеңге Кеўнимжаеваның тутқан орны айрықша.
Жақында ол Саудия Арабстанының Ар-Рияд қаласында өткерилген VI Ислам тилеклеслик ойынларында да халқымызды қуўанышқа бөлеп, чемпион болған еди. Ал, оның избасарлары болған, Камила Абатбаева, Улбосын Әлимбаева, Нафиса Шамуратова, Улбосын Қәдирбергенова, Рабия Турдымуратова, Сабоҳат Жоллыбаева, Сисагул Сарсенбаеева, Шахсәнем Төрениязова, Феруза Кайратдинова ҳәм Феруза Сметовалар «Президент Олимпиадасы» 1 алтын, 4 гүмис ҳәм 5 қола медальларын қолға киргизип, республикамыз абырайын мүнәсип түрде қорғады.
Бүгин Нөкис Темир жол вокзалында халықаралық дәрежедеги спорт шебери Ақтеңге Кеўнимжаева ҳәм оның кишкене жеткиншеклери Қарақалпақстан Республикасы Спорт министрлиги ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери тәрепинен салтанатлы түрде күтип алынды.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Спорт министриниң орынбасары Азамат Қалбаев шығып сөйлеп, спортшыларымызды ерискен үлкен табыслары менен қутлықлап, палўан қызларымызға гүлдәстелерин ҳәм естелик саўғаларын тапсырды.



Өз гезегинде спортшылар ҳәм олардың тренерлери өзлерине көрсетилип атырған жоқары ҳүрмет ҳәм итибар ушын шөлкемлестириўшилерге рахметлер айтып, алдағы ўақытлары да елимиз байрағын көклерде желбиретиўге ўәде берди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшы