Ҳәкимшилик судларға мүрәжат еткенде мәмлекетлик бажы қалай есапланады?

63

Ҳуқықый қатнас

Ҳәммемизге белгили, ҳәкимшилик судлардың ўазыйпасы ҳәкимшилик уйымлар менен қатнасықларда нызам үстинлигин тәмийинлеў менен бирге пуқаралар ҳәм юридикалық шахслардың бузылған ямаса тартыслы жағдайдағы ҳуқықларын, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў болып есапланады.

Мүрәжат еткенде әлбетте мәмлекетлик бажы төленеди. Бул бойынша Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети Юридикалық клиникасының хызметкери Имомали Туев төмендегилерди мәлим етти:

– Өзбекстан Республикасының “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы нызамының 5-статьясына бола, мәмлекетлик бажы өндириў объектлери қатарына ҳәкимшилик судлар да киргизилген.

Яғный, ҳәкимшилик судларға төмендеги арзалар, шағымлар ҳәм ҳүжжетлер бойынша мәмлекетлик бажы өндириледи. Соның ишинде, уйымлық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер бойынша келиспеўшилик ҳаққындағы арзалар, Республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият, нотариуслар, ПҲАЖ уйымлары ямаса олардың лаўазымлы шахсларының қарарлары, ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) үстинен шағымлар ушын мәмлекетлик бажы өндириледи.

Сондай-ақ, сайлаў комиссияларының қарарлары (ҳәрекетлери) бойынша келиспеўшиликлер, мәмлекетлик дизимнен өткериўден бас тартыў ямаса мүддетинде дизимге алмаў жағдайларында, ҳәкимшилик судлардың қарарлары, ис жүргизиўди тоқтатыў ямаса шағымды көрместен қалдырыў ҳаққындағы ажырымлар үстинен берилетуғын апелляция, кассация ҳәм тексериў шағымлары ушын және суд тәрепинен ҳүжжетлердиң дубликатлары ямаса көширмелери берилгенде де бажы төленеди.

– Мәмлекетлик бажы муғдары қалай анықланады?

– Нызамның 3-қосымшасына муўапық, мәмлекетлик бажы ставкалары базалық есаплаў муғдары (БЕМ) тийкарында белгиленеди. Бажы муғдары арза түри ҳәм жумыстың категориясына қарап өзгереди.

Атап айтқанда, уйымлық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер бойынша тартыслар ҳаққындағы арзалар бойынша пуқаралардан 5 БЕМ, юридикалық шахслардан 20 БЕМ, әмелдеги (БЕМ – 421 000) сум бажы төленеди.

Сондай-ақ, нызамның 10-статьясында ҳәкимшилик судларда мәмлекетлик бажы төлеўден азат етилетуғын 26 жағдай санап өтилген. Яғный, дизимде келтирилген жағдайлар бойынша жумыслар ушын мәмлекетлик бажы өндирилмейди.

ӨзА