“SheScience – 2025”: Орайлық Азия илимпазлары илимий бирге ислесиўдиң жаңа басқышын баслады

Ташкентте биринши мәрте “SheScience – 2025” Орайлық Азия илимпазлары форумы болып өтти. Оның тийкарғы нәтийжеси болса биргеликтеги билдириўдиң қабыл етилиўи болды. Бул Орайлық Азия мәмлекетлериниң илимий ҳәм инновациялық экосистемаларын интеграциялаў, илимде ҳаял илимпазлардың қатнасын кеңейтиў ҳәм биргеликтеги изертлеўлерди раўажландырыў тараўларын белгилеп беретуғын регионаллық ҳүжжет болып есапланады.
“SheScience – 2025”: регионаллық раўажланыўды илимий ҳәм инновациялық экосистемалар арқалы қоллап-қуўатлаў” форумында Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан, Әзербайжан ҳәм мәмлекетимизден 60 тан аслам илимпаз ҳәм изертлеўши ҳаял қатнасты.
Биргеликтеги билдириўде келешектеги бирге ислесиўдиң бес тийкарғы бағдары ҳәм регионның улыўма машқалаларын нәтийжели шешиўге қаратылған турақлы илимий экосистемаларды қәлиплестириў белгиленген. Ҳүжжет сондай-ақ, ҳәр жылы регионаллық форумды гезекпе-гезек өткериў ушын тийкар жаратады.
Қатнасыўшылар экологиялық қәўип-қәтерлер, санлы трансформация ҳәм жасалма интеллектти енгизиў менен байланыслы глобаллық машқалаларға дус келгенде системалы бирге ислесиў зәрүр екенлигин атап өтти.
– Бүгин биз, Орайлық Азия регионын раўажландырыў ушын илим потенциалынан пайдаланыў процесинде исеним, тилеклеслик ҳәм улыўма тилек тийкарында регионаллық илимий интеграцияның жаңа форматын жаратпақтамыз, – деди Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының вице-президенти Шахло Турдикулова. – Бул форум илимпаз ҳаял-қызлар ушын тек ғана билим алмасыў майданы емес, ал жаңа изертлеў бағдарлары, консорциумлар ҳәм басламаларды қәлиплестиретуғын платформаға айланбақта. Бизиң биргеликтеги билдириўимиз әпиўайы декларация емес, ал биргеликте әмелге асыратуғын жумысларымыздың әмелий жол картасы болып есапланады.
Форум Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы тәрепинен Жәҳән илимлер академиясы (ТWАС), Раўажланып атырған мәмлекетлерде илим тараўындағы ҳаял-қызлар шөлкеми (ОWСД), Жәҳән банки ҳәм Азия раўажланыў банки менен биргеликте шөлкемлестирилди.
– Орайлық Азия мәмлекетлериниң изоляцияланған изертлеў басламаларынан регионаллық бирге ислесиўге өтиў үлкен әҳмийетке ийе,-деди қазақстанлы Академик Зарема Шаукенова. – Илимий көзқараслардың бирлиги, биргеликтеги изертлеўлер ҳәм билимлендириў бағдарламаларын муўапықластырыў инсан капиталын раўажландырыўды сезилерли дәрежеде жеделлестириў ҳәм регионның илимий өнимдарлығын арттырыў имканиятын береди.
Панель додалаўлар ҳәм экспертлердиң презентациялары даўамында “Орайлық Азия мәмлекетлеринде илимий ҳәм инновациялық экосистемаларды интеграциялаў,” “Жасалма интеллектти раўажландырыў ҳәм оны изертлеўлерде қолланыў,” “Илимий коммуникация ҳәм илимге жәмийетшиликтиң исеними,” “Энергия нәтийжелилиги ҳәм қайта тикленетуғын энергия,” “Илимди коммерцияластырыў ҳәм академиялық исбилерменлик” темаларында заманагөй илим ҳәм инновациялардың әҳмийетли мәселелери додаланды.
Илимпаз ҳаял-қызлар регионаллық бирге ислесиў потенциалын көрсететуғын изертлеўлер, жойбарлар ҳәм миллий әмелиятларды усынды. Соның ишинде, эксперт бағдарламасының тийкарғы бағдары Қырғызстан Республикасы Миллий Илимлер академиясының ўәкили Зууракан Каденованың “Жасалма интеллект келешек илиминиң гилти сыпатында” атамасындағы презентациясы өткерилди. Илимпаз өзиниң презентациясында санлы шешимлерди енгизиўди тезлестиретуғын ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлериниң илимий бәсекиге шыдамлылығын беккемлейтуғын биргеликтеги мағлыўматлар платформалары, жасалма интеллект қәнигелери ушын оқыў бағдарламалары ҳәм пәнлераралық изертлеў жойбарларын жаратыў зәрүрлигин атап өтти.
Камола ЮСУПОВА, Муҳаммад АМИН (сүўрет), ӨзА