Гүзги-қысқы мәўсимге таярлық жағдайы үйренилмекте

66

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы басшылығында шөлкемлестирилген арнаўлы жумысшы топар 2025-2026-жыллар гүзги-қысқы мәўсимине таярлық дәрежесин үйрениў ушын кең көлемли тексериўлер алып барды.

Онда энергетика ҳәм коммуналлық хызметлер шөлкемлери турақлы ислеўге таярланғаны, қыс мәўсиминдеги авариялардың алдын алынғаны, жүз берген жағдайларда болса олардың ақыбетлери жеделлик пенен сапластырылыўы ҳәм авариялық тиклеў топарларының ҳәрекетлениў нәтийжелилиги талланды.

Нөкис қаласында өткерилген қадағалаў илажлары шеңберинде “Ҳудудгаз Қорақалпоғистон” ГТФ Нөкис газ толтырыў станциясының жумысы ҳәм гүзги-қысқы мәўсимге таярлығы тексерилди. Нәўбетши-диспетчерлик хызметлери, авария-тиклеў бригадалары ҳәм резерв сақлаў қоймаханаларының жағдайы да айрықша үйренилди. Сондай-ақ, Станцияның арнаўлы инженерлик техникаларының таярлық жағдайы тексерилди. Станция 100 мың 489 хожалыққа ҳәм 121 улыўма орта билим бериў мектебине хызмет көрсетип келмекте.

Жумысшы топар жуўапкер уйымлардың техникалық жақтан турақлылығы, арнаўлы техника ҳәм зәрүр материаллар резервин тексерди, системалар ҳәм қурылмалардың жағдайын баҳалады.

– Үйрениўлер процесинде анықланған кемшиликлер ҳәм машқалаларды сапластырыў бойынша анық илажлар белгиленди, – дейди Айрықша жағдайлар басқармасы баслығы, подполковник А.Давлетов. – Сондай-ақ, авария-тиклеў ҳәм мүрәжатларды сапластырыў системасы қайта қадағалаўдан өткерилди, оператив ҳәрекет топарларының нәўбетшилиги күшейтилди. Жуўапкерлерге техникалық жақтан беккемлениў ҳәм айрықша жағдайларға таярлықты арттырыў бойынша қосымша тапсырмалар берилди.

Жуўапкерлердиң атап өтиўинше, турақлы энергия тәмийнаты ҳәм ысытыў системаларының нәтийжели ислеўи халықтың турмысы ҳәм экономикалық жумысы ушын шешиўши әҳмийетке ийе. Сонлықтан, гүзги-қысқы мәўсимде ҳәр қандай айрықша жағдайларға тез ҳәм нәтийжели жуўап бериў, халыққа қәўипсиз хызмет көрсетиў мәселелери турақлы қадағалаўда болады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги