Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки Өзбекстанға 40 миллион долларлық «жасыл» кредитти ажыратты

68

Хабар бергенимиздей, Ташкентте Өзбекстан ипотеканы қайта қаржыландырыў компаниясы тәрепинен Экономика ҳәм қаржы министрлиги, Орайлық банк ҳәм Азия раўажланыў банки менен биргеликте “Жасыл ҳәм қолайлы турақ жай” халықаралық форумы өткерилди.

Форум шеңберинде Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки (ЕТРБ) Өзбекстан Ипотеканы қайта қаржыландырыў компаниясына (ИҚҚК) миллий валютада 40 миллион долларға шекемги муғдарда синтетикалық кредит ажыратыўды мақуллады.

Бул ҳаққында Өзбекстан ипотеканы қайта қаржыландырыў компаниясының баспасөз хызмети ӨзАға мәлим етти.

Мағлыўмат орнында айтыў керек, Өзбекстан ипотеканы қайта қаржыландырыў компаниясы 2019-жылы мәмлекетлик ҳәм жергиликли банклердиң қатнасыўында шөлкемлестирилген, ипотеканы қайта қаржыландырыў бойынша бирден-бир миллий институт болып есапланады. Ол субсидияластырылған ипотека усыныс етпейди, ал екилемши ипотека базарының агрегаторы сыпатында коммерциялық банклерге узақ мүддетли қаржы ажыратып, халықты альтернатив ҳәм турақлы ипотека кредитлери менен тәмийинлеўге жәрдемлеседи.

Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң бул кредити Өзбекстан ипотеканы қайта қаржыландырыў компаниясына миллий валютада турақлы ҳәм үзликсиз қаржыландырыў дерегин жаратып, Өзбекстанда коммерциялық жақтан турақлы, стандартластырылған ипотека базарын раўажландырыўға хызмет етеди. Соның менен бирге, жеке меншик сектордың қатнасын кеңейтиў арқалы ипотека кредитлериниң қамтып алыныўын арттырыўға жәрдем береди.

Кредит қаржыларының үлкен бөлеги “жасыл реновация” бағдарламасына бағдарланады. Бул бағдарлама арқалы турақ жайларды энергия үнемлеўши ҳәм климат өзгерислерине шыдамлы жағдайға келтириў режелестирилген. Соның ишинде, ысытыў системаларын жаңалаў, айна ҳәм есиклерди алмастырыў, кондиционерлер орнатыў, қуяш панельлери ҳәм басқа да турақлы энергия үскенелерин енгизиўге қаратылады.

Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң кредити Өзбекстан ипотеканы қайта қаржыландырыў компаниясына коммерциялық банклерге миллий валютада узақ мүддетли қаржы усыныў имканиятын жаратады. Бул ипотека баҳалы қағазлары базарына (БҚБ) шығыўдан алдынғы ўақытша қаржы жетиспеўшилигин сапластырыўға хызмет етеди.

Жойбар, сондай-ақ, ипотека портфельлерин бирден-бир стандартлар тийкарында бирлестириў ҳәм келешекте ипотекаға тийкарланған баҳалы қағазларды қәлиплестириў арқалы Өзбекстан капитал базарының раўажланыўына тийкар жаратады.

Шаҳноза Маматуропова, ӨзА