Орайда мәҳр темасы

75

Ҳәзирги ўақытта социаллық тармақларда түрли сораўнамалар арқалы жаслар, атап айтқанда, қызлар арасында “Мәҳрге (қалыӊ мал) не сорайсыз?”, “Мәҳрге не алып берсе турмысқа шыққан болар едиңиз?” сыяқлы сораўлар бериў барған сайын көбейип бармақта. Бул сораўлар дәслеп қызықлы кеўил ашар контент сыпатында пайда болған болса да, бүгинги күнге келип қатаң тартысларға себеп болып атырған социаллық ҳәдийсеге айланған.

Теманың кеңнен додаланыўы бийкарға емес. Жуўаплардағы ҳәдден тыс тилеклер, мәселен, “Гелик алып бериўи шәрт”, “Toshkent City”ден 4 ханалы жай сорайман” сыяқлы талапларға жәмийетшиликте унамсыз мүнәсибет күшеймекте. Көпшилик буны жаслардың реал турмыстан узақ елеслер ямаса PR қуўыўға бағдарланған ҳәрекетлер сыпатында баҳаламақта. Бирақ бундай тартыслар артында және де тереңирек социаллық ҳәм мәдений факторлар жатады.

Ислам дининде мәҳр некениң ең әҳмийетли бөлеги ҳәм ҳаялдың мүлки есапланады. Ол ер тәрепинен бериледи ҳәм бул арқалы еркектиң шаңарақ басшылығы жуўапкершилиги символикалық түрде көрсетиледи. Шәрият бойынша, мәҳрдиң ең аз муғдары – 4,25 грамм алтын, ең көбинде болса шекленген муғдар жоқ.

Мәҳр сораўдан мақсет оның қунын тән алыў, ҳаялдың ҳуқықын кепиллеў демек. Мақсет байлықты көрсетиў емес, ал некениң жуўапкершилик ҳәм берекетке тийкарланғанын көрсетиў. Бүгин айырым жаслар арасында мәҳрди “байлық талап етиў қуралы”на айландырыў идеясы бақланып атырғаны болса дәстүрий ҳәм диний қәдириятлар мазмунынан узақласып атырғанын көрсетеди.

Мәҳр ҳаққындағы сораўлардың көпшилиги контент жаратыў, PR ямаса тамашагөй жыйнаў ушын берилип атырғаны сыр емес. Бундай видеоларда көриў санының артыўы ушын гейде билқастан ҳәдден тыс талаплар айтылады. Нәтийжеде бул сөзлер көпшилик арасында улыўма жуўмақларға себеп болады: “Ҳәммеси сондай сорайды екен”, “Қызлар тек байлықты қәлейди” сыяқлы. Бирақ реал турмыста көпшилик жаслардың талабы ҳәм көзқарасы буннан бираз басқаша. Олар турақлылық, ҳүрмет, меҳир, аўызбиршилик сыяқлы қәдириятларды мәҳрден үстин қояды.

Соған қарамастан, трендке ерип кетиў қәўпи де бар. Айырым қызлар “Гелик сораған қызлар” мысалынан илҳамланып, өзиниң ҳақыйқый турмысы ҳәм келешектеги шаңарақлық жуўапкершилигин есапқа алмай, сол даўрықлы талапларды тәкирарлаўы мүмкин. Бул болса, өз гезегинде қатнасықларда надурыс көзқараслар ҳәм биймәни стандартлардың қәлиплесиўине алып келеди.

Мәҳр темасына дурыс қатнас жасаў тәреплер арасында өз-ара исеним ҳәм ҳүрмет сезимин күшейтеди. Дурыс, мәҳр сораўда белгили бир шеклеў ямаса белгиленген норма жоқ, бирақ реаллыққа сәйкес талап анықсызлық ҳәм қарама-қарсылықларды азайтады.

Мәҳр – ҳаялдың ҳуқықы ҳәм некедеги қәдириятлар тымсалы. Бирақ бул қәдирият саналы көзқарасты, реал турмыс пенен есапласыўды ҳәм ең әҳмийетлиси, шаңарақлық жуўапкершиликти де талап етеди. “Гелик сораўы” трендлери, люкс үйлер әтирапындағы талаплар көпшиликке күлкили ямаса ашыў келтиретуғын болса да, тийкарында бул жаслардың санасында қәлиплесип атырған надурыс түсиниклердиң белгиси есапланады.

Демек, ағартыўшылық, ҳақыйқый турмысқа сай көзқарасларды қәлиплестириў жәмийеттиң улыўма ўазыйпасы болып табылады. Сонда ҳаялдыңда ҳуқықынан ўаз кешилгени болмайды, еркекте ҳәдден тыс басым астында қалмайды ҳәм жәмийет артықша тартысларға батпайды.

Бүгинги күнде жаслар арасында мәҳрге деген мысқыл ямаса артықша талап түринде емес, ал саналы, жуўапкершиликли, әдил қатнас қәлиплесиўи зәрүр. Себеби неке тек ғана материаллық жақтан көзқарасларды есапқа алатуғын емес, ал турмыслық бирге ислесиў, ҳүрмет, меҳир ҳәм жуўапкершиликке тийкарланған муқаддес қәдирият болып есапланады.

Дилдора ДЎСМАТОВА,

ӨзА