“Ашық есиклер күни”: жуўапкершиликти арттырыў мәселелери қаралды

73

Ҳәзирги ўақытта 9-декабрь – Халықаралық коррупцияға қарсы гүресиў күни мүнәсибети менен елимизде “Коррупцияға қарсы гүресиў ҳәптелиги” өткерилмекте.

Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында да филиалдың профессор-оқытыўшылары ҳәм хызметкерлериниң қатнасыўында усы ҳәптелик шеңберинде “Ашық есиклер күни” илажы өткерилди.

Илажда филиал директоры А.Есимбетов, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Қарақалпақстан Республикасы басқармасының бөлим баслығы А.Қдырниязов ҳәм басқалар шығып сөйлеп,  коррупцияға қарсы гүресиў бойынша әмелий усыныслар берилди.

Тийкарғы итибар билимлендириў тараўында ашық-айдынлықты тәмийинлеў, профессор-оқытыўшылар ҳәм хызметкерлер арасында жуўапкершиликти арттырыў мәселелерине қаратылды. Профессор-оқытыўшылар коррупцияның билимлендириў процесине тәсири бойынша пикир алысып, студентлер менен хызметкерлерге ҳуқықый нормалардың әҳмийети, әмелиятта коррупцияның алдын алыў бойынша нәтийжели илажлар ҳаққында түсиниклер берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги