«Ана тилим – бирлигимиз нышаны» таңлаўы өткерилди

Тахтакөпир районы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимине қараслы 1-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде 1-декабрь – Қарақалпақстан Республикасының “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы Нызамы қабыл етилгенлигиниң 36 жыллығы мүнәсибети менен “Ана тилим – бирлигимиз нышаны” атамасында қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллимлери арасында таңлаў өткерилди.
Таңлаў даўамында педагоглар ана тилимизге байланыслы өзлериниң ийелеген билимлерин, сөйлеў мәдениятын, дөретиўшилик қатнасларын ҳәм шеберлигин көрсететуғын ҳәр қыйлы бағдарлардағы шығыўлары менен қатнасып, олардың билим ҳәм шеберликлери төрешилер қурамы тәрепинен баҳаланып барылды.

Өткерилген таңлаў шәртлери соңында, жеңимпаз муғаллимлер Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Тахтакөпир районлық бөлиминиң Ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Шөлкемлестирилген бул таңлаў муғаллимлердиң дөретиўшилик потенциалын жүзеге шығарыў, мәмлекетлик тилимиздиң жәмийеттеги орнын және де беккемлеў ҳәм руўхый орталықты байытыўда үлкен әҳмийетке ийе болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги