Бизлер қандай гриппти басымыздан өткермектемиз?

69

Жасырарлығы жоқ соңғы ўақытлары республикамызда ҳаўа-райының гейде суўытып, гейде жылытып кетиўиниң нәтийжесинде адамлар арасында грипп, өткир респиратор вируслы инфекция кесселликлери ҳәўиж алып, ол кем-кемнен көбейип бармақта.

Бул әлбетте, көпшилик жәмийетшилигимизди ойландырып, адамларда ҳәр қыйлы пикирлердиң пайда болыўына себеп болмақта. Халқымыз арасында пайда болып атырған сораўларға жуўап табыў мақсетинде, Өзбекстан журналистлер аўқамы Қарақалпақстан бөлими ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң шөлкемлестириўи менен Республикалық жуқпалы кеселликлери емлеўханасында ғалаба хабар қураллары хызметкерлери ушын баспасөз әнжуманы шөлкемлестирилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң мәлимлеме хызмети бойынша бас қәнигеси Гүлзар Жумағулова, Республикалық жуқпалы кеселликлери емлеўханасы бас шыпакерниң орынбасары Жумагүл Бостановалар шығып сөйлеп, соңғы ўақытлары балалар арасында бақланып атырған грипп, өткир респиратор вируслы инфекциялар кесселликлер ҳаққында кең түрде айтып өтип, олардың алдын алыў ҳәм емлеў бойынша алып барылып атырған жумыслар жөнинде илаж қатнасыўшыларына мағлыўматлар берди.

– Өзбекстан Республикасы Бас мәмлекетлик Санитария Шыпакериниң 2025-жыл 26-сентябрьдеги 01-19/9288-санлы қарарына муўапық, Республикада 2025-2026-жыллары эпидемиялық мәўсимде халық арасында грипп, өткир респиратор вируслы инфекциялар (ӨРВИ) ҳәм коронавирус инфекциясы COVID-19 тарқалыўының алдын алыў бойынша санитария-гигиеналық, профилактикалық ҳәм эпидемияға қарсы илажларды әмелге асырыў мақсетинде, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң 2025-жыл 29-сентябрь ҳәм 13-ноябрь күнлери 199-санлы ҳәм 240-санлы буйрықлары шығарылды ҳәм бүгинги күни республикамызда бул ҳүжжетлердиң орынланыўы тәмийинленбекте, – дейди министрликтиң Мәлимлеме хызмети бойынша бас қәнигеси Гүлзар Жумағулова.

– Емлеўханамыз 120 орынға мөлшерленген болып, оның 65 орны балалар, 55 орны ересек жастағы адамларға арналған, – дейди Республикалық жуқпалы кеселликлери емлеўханасы бас шыпакерниң орынбасары Жумагүл Бостанова. – Министрликтиң жоқарыда айтып өткен буйрығы тийкарында, халық арасында грипп, өткир респиратор вируслы инфекциялар менен кеселлениў көбейиўин инабатқа алып, емлеўханамызда 65 қосымша орын шөлкемлестирилди ҳәм наўқаслардың кеселлик жағдайларына қарай олар медицина хызметкерлери тәрепинен емленбекте. Бүгинги күни адамлар арасында гонконг гриппи деген сөзлер тарқалмақта. Бирақ, бизлер буны анық сол деп айта алмаймыз. Себеби, бизлер наўқаслардан алған анализлеримизди Қарақалпақстан Республикасы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы  басқармасына тексериўге жиберемиз ҳәм ол жақтан анализдиң жуўмағы тийкарында бул қандай кеселлик екенлиги анықланады. Ҳәзирше бизлерге бундай мағлыўмат келмеди ҳәм сонлықтан ҳәзирги күни халқымыз арасында ушырасып атырған кеселликти гонконг гриппи деп айта алмаймыз. Соның ушын шыпакерлеримиз наўқасларды грипп кесели сыпатында белгиленген стандарт бойынша емлеп атыр. Әсиресе, наўқасларымызда бул кеселлик дене температурасының көтерилиўи, қурғақ жөтел, тымаў менен басланып, кишкене балаларымызда иш өтиўи де гүзетилмекте. Бизлер қурғақ жөтелди тоқтатыў ушын тамақтағы қақырықты түсириўши дәрилер берсек, ол тәсир етемен дегенше дәўир өткир ҳәм созылмалы болып кетпекте. Бурын бизлер гриппти 5-7 күнде емлеймиз деп айтатуғын едик. Ҳәзирги күндеги грипплерде наўқаслардың бронхо безлери исип, олар арасында бронхит көбейип, оның изи пневмонияға айланып бармақта. Сонлықтан пуқараларымыздан грипп кеселлигине итибарсыз болмастан, жеке гигиена қағыйдалары ҳәм аўқатланыў режимине айрықша дыққат қаратыўын сорап қаламыз. Сондай-ақ, адамларымыз өзлеринде грипп кеселлигиниң симтомын сезсе, өзлеринше ем алмастан, аймақлық шыпакерлердиң тексериўинен өтип, олардан мәсләҳәт алса екен деймен.

Өткерилген баспасөз әнжуманында журналистлер тәрепинен шыпакерлерге бүгинги күни кең жәмийетшиликти қызықтырып жүрген мәселелер бойынша сораўлар берилип, оларға жуўаплар алды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшы