25-сентябрь күни Төрткүл районында аўыр жол ҳәрекети ҳәдийсеси жүз берди. Саaт 12:00-13:00 лер аралығында А380 жол трассасында «Cobalt» автомобили жүк автомашинасы менен соқлығысқан. Бул ҳаққында «Устаз жолы» газетасының Телеграм каналында хабар берилди.

Аўыр жол ҳәрекети ҳәдийсеси ақыбетинде «Сobalt»тағы 2 адам ўақыя орнында, 2 адам емлеўханада қайтыс болған.

Автоапатшылық «Cobalt»тыӊ тезликти асырыўы ақыбетинде жүз бергенлиги айтылмақта. Жүз берген бахытсыз ҳәдийсе бойынша тексериў жумыслары алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги