Коррупция  жағдайларының алдын алыў илажлары нәтийжели алып барылмақта

66

Бәршеге мәлим, мəмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў бойынша алып барылып атырған реформалар тийкарында  халықтың ҳуқықый сана-сезимин ҳəм мəдениятын арттырыўға, жəмийетте коррупцияға қарсы гүрести қəлиплестириўге бағдарланған системалы илажлар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 29-июньдағы “Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы  пəрманына муўапық, банклерде коррупцияға қарсы «комплаенс-қадағалаў»ға жуўапкер болған структуралардың ғəрезсизлигин тəмийинлеў мақсетинде олардың Банк кеңесине туўрыдан-туўры бойсыныўы белгилеп қойылды.

Банк хызметкерлериниң Нызамға қарсы минез-қулқы үстинен усыныс етилген мағлыўматлар ямаса шағымлар ҳəр бир банкте исленген Коррупцияға қарсы «Комплаенс-қадағалаў» структуралары тəрепинен үйренип барылады.

Усы қадағалаў структуралары өз банклеринде коррупция жағдайларын ўақтынан бурын анықлаў ҳəм алдын алыў, олардың себеп ҳəм шараятларын сапластырыў, ѳз мəпин жоқары қойыўға жол қоймаў ҳəмде коррупцияға салыстырғанда маўасасыз қатнасты қəлиплестириў илажларын көриўге жуўапкер есапланады.

Әпиўайыластырып айтқанда, банклерде коррупция жағдайларының алдын алыўға ҳəмде коррупцияға жол қоймаўға себеп болатуғын барлық илажларды əмелге асырыў «Комплаенс-қадағалаў» дың искерлиги болып табылады.

Соңғы жылларда Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги, халық аралық экспертлер ҳəмде комплаенс-қадағалаўға жуўапкер структуралар тəрепинен халық аралық тəжирийбелер тийкарында банклерде коррупцияның алдын алыўға қаратылған механизмлер хəрекет етип келмекте.

Атап айтқанда, Ҳуқықый тийкарлар ислеп шығылып, бунда, барлық банк хызметкерлери ушын мəжбүрий болған қағыйдалар ислеп шығылып, раўажландырылып барылмақта. Яғный, хызметкерлерди коррупцияға алып баратуғын ҳəр қандай гүманлы минез-қулықлардан шеклеў қағыйдалары орнатылды.

Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги тəрепинен
(18.10.2021-жыл 01-07/6859-сан) ИСО-37001: 2016 коррупцияға қарсы стандарт талаплары тийкарында ислеп шығылған шөлкемде коррупцияға қарсы ишки қадағалаў системасын енгизиўге тийисли усыныс ҳүжжетлери тийкарында Комплаенс-қадағалаў системасы хаққындағы қағыйда, Коррупцияға қарсы гүресиў сиясаты, ѳз мəпин жоқары қойыўын анықлаў ҳəм басқарыў хаққындағы қағыйда ҳəм басқа 10 нан артық ишки тəртиплер ҳəмде тараўға тийисли басқа нормативлик ҳүжжетлер ислеп шығылып, банклердиң Бақлаў кеңеслери тəрепинен тастыйықланды.

Бунда, хызметкерлерди жумысқа қабыллаў, сатып алынған затларды əмелге асырыў, контрагентлерди үйрениў ҳəм басқа процесслерди тəртипке салыўшы ҳүжжетлер қайта көрип шығылды, хызметкерлер менен дүзилген мийнет шəртнамаларында коррупцияға қарсы гүресиў жəне оның алдын алыў бойынша миннетлемелер жазып қойылды.

Сондай-ақ, Банк хызметкерлери арасында түсиндириў жумыслары, оларды оқытыў ҳәмде бул бойынша информация алмасыўы жолға қойылды.

Бүгинги күнде, барлық коммерциялық банклериндеги коррупцияға қарсы гүресиўге жуўапкер болған хызметкерлери
«Коррупцияға қарсы гүресиўди басқарыў системасын енгизиў» халықаралық стандарты бойынша оқытылған.

Банк хызметкерлериниң коррупцияға салыстырғанда маўасасыз қатнасты қəлиплестириў мақсетинде тараўға тийисли нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер менен таныстырыў мақсетинде
ҳəр бир банкте оқыў-семинарлары шөлкемлестирилип келинбекте.

Коммерциялық банклер искерлигинде коррупциялық жынаятлар келтирип шығарыўшы факторлардың салмақлы бөлеги кредит ажыратыў процеси менен байланыслы екенлиги бəршемизге мəлим.

Дәслеп халыққа кредитлер ажратылыўында коррупцияға ең көп бейим болған шаңараққа тийисли исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ушын ажыратылып атырған жеңилликли кредитлер берилиўи толық санластырылды.

Ҳəзирги күнде шаңараққа тийисли исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ушын ажыратылып атырған кредит қаржыларының мақсетли сарыпланыўына бөлек итибар қаратқан ҳалда шаңараққа тийисли исбилерменликти раўажландырыў бағдарламаларының бирден-бир электрон платформаси (oilakredit.uz) енгизилген.

Бағдарламалар бойынша кредитлерди ажыратыўды толық санластырыў арқалы кредит ажыратыў системасын əпиўайыластырыў, кредит ушын талап етилетуғын ҳүжжетлерди толық электрон көриниске алып келиў, инсан искерлигин кескин азайтыўға ерисилди.

 Буннан тысқары, банклерде кредитлеў процесслерине скоринг системасы енгизилген. Банклерде скоринг системасы арқалы Мəмлекет салық комитети ҳəм кредит бюросынан алынатуғын мағлыўматлар тийкарында клиенттиң кредитке уқыплылығы бир неше минутта үйренилинип, овердрафт кредити ҳəм микроқарызлар ҳəмде мобил қосымша арқалы онлайн тəризде кредит ажыратыў мүмкиншилиги жолға қойылған.

Усы система арқалы ҳəр бир физикалық шахстың кредит тарийхы зəрүрли əҳмийетке ийе болып, егерде кредит тарийхы қанаатландырарсыз баҳаланса мүрәжат етиўшиге кредит ажыратылмайды.

Банк хызметлерин көрсетиўде төмендеги илажлар əмелге асырып барылады :

– электрон нәўбет системасының турақлы ислеўин тəмийинлеў;

– физикалық шахслар аралықтан турып (онлайн) есап бетин ашыў ҳəм басқарыў əмелиятын енгизиў, атап айтқанда, социаллық төлемлерди аралықтан басқарыўды жолға қойыў;

– барлық банклерде физикалық шахслар тəрепинен банкке келместен (онлайн) банк карталарын ашыў əмелиятын енгизиў;

– коммерциялык банк клиентлери тəрепинен аралықтан турып (онлайн) кредит алыў ҳəм оларды сөндириў əмелиятларын жəне де жетилистириў илажларын көриў.

Орайлық банк Қарақалпақстан Республикасы Бас басқармасы
өз кепилликлери шеңберинде алдағы ўақытларда да  коррупцияға қарсы гүресиў ҳəмде оның алдын алыў бойынша барлық зəрүрли шараларды көрип барады.

 

А.Абдикаримов, Орайлық банк Қарақалпақстан Республикасы

Бас басқармасы баслығының орынбасары,

Қарақалпақстан хабар агентлиги