Экологиялық энергия ҳәм стратегиялық реформалар – дүнья итибарында

Кейинги жыллары Өзбекстанда гидроэнергетика тараўын жедел раўажландырыў, жаңа электр станцияларын қурыў ҳәм бар инфраструктураны модернизациялаў бойынша кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.
Мәмлекетимиздиң турақлы раўажланыўында әҳмийетли орын ийелейтуғын бул бағдар халықаралық жәмийетшиликтиң итибарынан да шетте қалмады. Әсиресе, Европа мәлимлеме майданында абырайға ийе болған “Euronews” телеканалы соңғы ўақытлары Өзбекстандағы гидроэнергетика жаңалықларын, табыслы әмелге асырылып атырған жойбарлар ҳәм тараўдың раўажланыўын турақлы сәўлелендирип келмекте.
Жақында усы канал тамашагөйлери мәмлекетимизде иске түсирилген ири гидроэнергетикалық объектлер ҳаққында таярланған арнаўлы аналитикалық видеороликлерди эфирге берди.
Өзбекстанның жаңа гидроэнергетика потенциалын сәўлелендириўши видеокөринислер, халықаралық аудиторияға усынылмақта. Материаллар мәмлекетимизде қурылып атырған заманагөй, экологиялық таза энергия дереклери ҳаққында объектив ҳәм хошаметлеўши мәлимлемени жеткериўге хызмет етпекте.
Итибар орайында болған жойбарлардан бири – жақында иске қосылған “Нарын” миллий ГЭСи болып есапланады. Видеокөринисте усы станцияның мәмлекеттиң энергетика қәўипсизлигин тәмийинлеўдеги орны, оның техникалық үстинликлери ҳәм өндирислик қуўатлықлары ҳәр тәреплеме сәўлелендирилген.
Сондай-ақ, көринисте Орайлық Азияда бирден-бир гидротурбина ҳәм гидротехникалық үскенелер ислеп шығарыўшы “Uzhydropower” заводының жумысы ҳаққында да толық мағлыўмат бериледи. Бул кәрхана Нарын ГЭСи ушын зәрүр әсбап-үскенелер таярлағаны ҳәм жергиликли санааттың потенциалы артып атырғаны айрықша атап өтилген.
Видеокөринислерде жақын келешекте иске түсирилиўи күтилип атырған әҳмиетли энергия дереклери, соның ишинде, халықаралық грант жойбары шеңберинде әмелге асырылып атырған “Чорвоқ” самал электр станциясы да тилге алынады. Бул жойбар мәмлекеттиң қайта тиклениўши энергия үлесин сезилерли дәрежеде арттырыўға хызмет етиўи күтилмекте.
Соңғы жылларда Өзбекстанда гидроэнергетика бағдарында әмелге асырылып атырған реформаларды таллаў соннан дерек береди, мәмлекет турақлы раўажланыў жолында исенимли қәдем тасламақта. Жаңа ГЭСлер, модернизация жумыслары ҳәм самал энергиясына байланыслы жойбарлар енергетика системасын беккемлеў менен бирге, қоршаған орталықты қорғаў, энергия жетиспеўшилигин азайтыў ҳәм халыққа таза электр энергиясын жеткерип бериў сыяқлы әҳмийетли стратегиялық мақсетлерге хызмет етпекте.
Бүгинги избе-из реформалар нәтийжесинде Өзбекстан экологиялық таза энергия ислеп шығарыў бойынша регионда жетекши мәмлекетлерден бири сыпатында қәлиплесип бармақта. Соның менен бирге, тараўға байланыслы кең көлемли жарытыўлар мәмлекетимиздиң халықаралық имиджин және де беккемлеўге хызмет етпекте.
Н.Зиёдуллаева таярлады,
ӨзА