Сырт елде алынған дипломларды тән алыў мәселеси қалай шешиледи?

64

Жоқары билимлендириў тараўында халықаралық интеграция процесслери жедел өтип атырған болса да, қәнигеликлерди тән алыўда айырым машқалалар бар. Мәселен, бир мәмлекетте алынған диплом яки қәнигелик басқа мәмлекетте толық тән алынбаўы мүмкин еди.

2025-жыл 12-ноябрьде күшке кирген “Жоқары билимлендириўге байланыслы қәнигеликлерди тән алыў ҳаққындағы глобаллық конвенцияны ратификациялаў ҳаққында”ғы нызам усы сыяқлы машқалаларды сапластырыўға қаратылған.

Нызам менен анық қандай имканиятлар жаратылды? Сенаттың Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитети баслығының орынбасары Одилжон Маматкаримов бул ҳаққында толық мағлыўмат берди:

– Мағлыўматларға қарағанда, ҳәзирги ўақытта дүньяда билим алып атырған 264 миллион студенттиң 6,9 миллионы сырт елде, 50 проценттен асламы болса басқа регионда билим алмақта.

Бирақ студент қәнигелик дипломын қолға киргизгеннен кейин өз ўатанына қайтып арқайын жумыс ислей ала ма, деген сораў да бар. Тилекке қарсы, бул қыйын еди. Бизге келип түсип атырған мүрәжатларда да сырт елде алынған дипломлардың елимизде тән алыныўына байланыслылары көпшиликти қурап келген.

Әлбетте, мәмлекетимизде кадрлар потенциалын жәҳән стандартлары дәрежесине алып шығыў, оларды халықаралық билим мәканына интеграциялаў бағдарында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Жоқары билимлендириў системасында сырт ел университетлери менен қоспа факультетлер ҳәм филиаллардың саны кескин артты.

Билимлендириў тараўында сырт мәмлекетлер ҳәм абырайлы халықаралық шөлкемлер менен избе-из бирге ислесиў байланыслары жолға қойылған.

Самарқанд қаласында болып өткен ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясында мәмлекетимиз басшысы Өзбекстанның жоқары билимлендириў тараўындағы қәнигеликлерди тән алыўға байланыслы Глобаллық конвенцияға қосылатуғынын мәлим етти.

Бул нызам менен ратификацияланған конвенция 2019-жыл 25-ноябрьде Париж қаласында болып өткен ЮНЕСКО Бас конференциясының 40-сессиясында қабыл етилген.

Глобаллық конвенция – жоқары билимлендириў тараўында билим ҳәм алдынғы тәжирийбе алмасыў, оларды ғалабалық ен жайдырыў ҳәм халықаралық илимий бирге ислесиўди раўажландырыўда әҳмийетли тийкар болып хызмет етеди.

Бул халықаралық ҳүжжетке Австралия, Уллы Британия, Норвегия, Франция, Финляндия, Швеция, Корея, Япония, Армения ҳәм Молдова сыяқлы мәмлекетлер қосылған.

Глобаллық конвенция жоқары билимлендириўге байланыслы маманлықларды халықаралық көлемде тән алыў ҳәм глобаллық академиялық мобильликти қоллап-қуўатлаў, барлық мәпдар тәреплер ушын өз-ара пайдалы ҳәм исенимли шараятлар жаратыўда әҳмийетли ҳуқықый ҳүжжет болып есапланады.

Кәнигеликлерди тән алыўдың әдил, ашық-айдын ҳәм исенимли механизмлерин қәлиплестириў, билимлендириў мәкемелериниң ғәрезсизлигин ҳәм ҳәр түрлилигин ҳүрмет етиў, ҳәмме ушын сапалы билимлендириўге теңдей имканият жаратыў ҳәм турақлы раўажланыўға үлес қосыў, соның ишинде, қашқынлар ҳәм мәжбүрий көширилген шахслар ушын билим алыў имканиятлары да конвенцияда сәўлелендирилген.

Конвенцияға ағза мәмлекетлер арасында жоқары билимлендириў қәнигеликлерине байланыслы ҳүжжетлерди тән алыўда мағлыўматлар алмасыў ушын миллий мәлимлеме системасы ҳәм орайының жумысы жолға қойылады.

Глобаллық конвенция билимлендириў курслары, алдыңғы билимлендириў ҳүжжетлери ҳәм қәнигелигине байланыслы универсаллық тән алыў принциплерин белгилейди. Бул болса, өз гезегинде, қатнасыўшы мәмлекетлердиң пуқаралары ушын өз мәмлекетлеринен тысқарыда билим алыў ҳәм жумысқа орналасыў ушын жаңа имканиятлар жаратады.

Конвенция қағыйдаларының орынланыўын мониторинг етиў, тәмийинлеў ҳәм халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў қатнасыўшы мәмлекетлер ҳүкиметлераралық конференциясы тәрепинен әмелге асырылады.

Қатнасыўшы мәмлекетлерге Конвенцияға ағза мәмлекетлер жоқары оқыў орынларында алынған маманлықты, келешекте жоқары билим алыў, жоқары билимлендириўди даўам еттириў, жоқары мағлыўматты тастыйықлаўшы диплом менен мийнет базарында қатнасыў ушын тән алыў бойынша миннетлеме жүклейди.

Конвенция Өзбекстан ушын әмелий әҳмийетке ийе. Енди миллий жоқары билимлендириў ҳәм маманлықты тән алыў системасы глобаллық система менен интеграцияланады.

Бул тараўда бәсекини күшейтеди ҳәм өз-өзинен билимлендириўдиң сапасын арттырыўды талап етеди. Студентлердиң академиялық мобильлиги ҳәм интеллектуаллық потенциал экспорты жаңа басқышқа шығады. Сырт елде билим алған студент жаслар ушын диплом ҳәм маманлықларды тән алыў мәселелери жеңиллестириледи.

Миллий университетлер халықаралық рейтинглерде белсене қатнасады ҳәм сырт елли студентлердиң Өзбекстанда билим алыў имканиятлары кеңееди.

Бир сөз бенен айтқанда, жаңа нызам Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясында нәзерде тутылған билимлендириў системасын модернизациялаў ҳәм оны дүнья стандартларына бейимлестириў мақсетин әмелге асырыўға тийкар жаратты.

Норгул Абдураимова,

ӨзА