“2026-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында”ғы Нызам жойбары жәрияланды

73

Өзбекстан Республикасының “2026-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында”ғы Нызам жойбары Бюджет кодексиниң 29-статьясына муўапық ислеп шығылған.

Нызам менен:

– 2026-жыл ушын Өзбекстан Республикасы консолидацияласқан бюджетиниң, соның ишинде, Мәмлекетлик бюджет, мәмлекетлик мақсетли қорлар ҳәм бюджет шөлкемлериниң бюджеттен тысқары қорлары және Өзбекстан Республикасының Тиклениў ҳәм раўажланыў қорының дәраматлары ҳәм қәрежетлериниң прогнозы, сондай-ақ, 2027-2028-жыллар ушын мөлшерлери;

– тийкарғы макроэкономикалық көрсеткишлердиң прогнозлары;

– биринши дәрежели бюджет қаржыларын бөлистириўшилер ушын Өзбекстан Республикасы республикалық бюджетинен 2026-жылы ажыратылып атырған қаржылардың шекленген муғдарлары;

– Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджетлериниң дәраматлары ҳәм қәрежетлериниң прогнозлары және республикалық бюджеттен жергиликли бюджетлерге ажыратылып атырған тәртипке салыўшы трансфертлер;

– Мәмлекетлик қарыздың ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларының және консолидацияласқан бюджет жетиспеўшилигиниң шекленген көлемлери белгиленген.

Өзбекстан Республикасының “2026-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында”ғы Нызам жойбары 18 статья ҳәм 10 қосымшадан ибарат.

Нызам жойбарында 2026-жыл ушын прогнозлар ҳәм 2027-2028-жыллар ушын бюджет мөлшерлери тийкарғы макроэкономикалық көрсеткишлер менен өз-ара муўапықлықта ислеп шығылған.

Атап айтқанда, 2026-жылы жалпы ишки өнимниң 6,6 процент өсиўи прогноз етилген. Жалпы ишки өнимниң күтилип атырған өсиў пәтлери санаатта өндиристи 6,4 процент, аўыл хожалығында 4,2 процент, базар хызметлериниң 14,5 процентке өсиў есабынан тәмийинлениўи прогноз етилмекте (Нызам жойбарының 2-қосымшасы).

Бул раўажланыў көрсеткишлерине ҳәр бир тараўда басланған структуралық реформаларды сапалы даўам еттириў арқалы ерисиў мақсет етилген.

Мәмлекетлик бюджеттиң орта мүддетке мөлшерленген прогнозлар “Өзбекстан – 2030” стратегиясында белгиленген мақсетлер менен үнлесликте, яғный оларды орынлаў ўазыйпасынан келип шығып ислеп шығылған.

Соннан келип шығып, орта мүддетте макроэкономикалық, салық ҳәм бюджет сиясатының тийкарғы бағдарлары етип төмендегилер белгиленген:

– жалпы ишки өнимниң жыллық өсиўин кеминде 6,5-7 процент муғдарында тәмийинлеў;

– 2026-2028-жылларда консолидацияласқан бюджет жетиспеўшилигин жалпы ишки өнимге салыстырғанда 3 проценттен арттырмаў;

– тийкарғы салық ставкаларын өзгериссиз сақлап қалыў, исбилерменлер ушын тең шараят, қолайлы бизнес орталығын жаратыў ҳәм қосымша жеңилликлер бериў, сондай-ақ, халық депутатлары Кеңеслериниң ўәкилликлерин жетилистириў;

– қоршаған орталық ҳәм халықтың саламатлығын сақлаў мақсетинде жасыл салыққа тартыў ҳәм оны әмелге асырыў механизмлерин ислеп шығыў;

– салық ҳәм бюджет сиясатын басқышпа-басқыш Жәҳән саўда шөлкеминиң талапларына бейимлестириў;

– “Нәтийжеге бағдарланған бюджетлестириў” әмелиятына басқышпа-басқыш өтиўди даўам еттириў;

– бюджеттиң ашық-айдынлығы дәрежесин және де күшейтиў;

– “гендер” ҳәм “жасыл” бюджетлестириў принциплерин бюджет процеси менен үйлестириў;

– халықтың реал дәраматларын арттырыў мақсетинде бюджет шөлкемлери хызметкерлериниң мийнет ҳақысы, пенсия ҳәм напақаларды ҳәр жылғы инфляция дәрежесинен жоқары муғдарларда арттырып барыў;

– 2026-2028-жыллар даўамында мәмлекетлик қарызды нәтийжели басқарыў арқалы жалпы ишки өнимге қатнасы 50 проценттен артпаўын тәмийинлеў;

– халықаралық экспертлер менен биргеликте нәтийжеге тийкарланған қаржыландырыў бағдарламасын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў.

Усы мақсет ҳәм бағдарлардан келип шығып, 2026-жыл ушын Мәмлекетлик бюджет дәраматлары 368,9 триллион сум, қәрежетлери болса 402,4 триллион сум (бюджетлераралық трансфертлерди есапқа алған ҳалда) муғдарында белгиленбекте (Нызам жойбарының 1-қосымшасы).

Мәмлекетлик мақсетли қорларының дәраматлары (бюджетлераралық трансфертлерди есапқа алмаған ҳалда) 78,2 триллион сум муғдарында, қәрежетлери болса (Мәмлекетлик бюджетке трансфертлерди есапқа алмаған ҳалда) 147,5 триллион сум муғдарында режелестирилмекте. Онда, Мәмлекетлик мақсетли қорларға Өзбекстан Республикасы республикалық бюджетинен 73,6 триллион сум трансфертлер ажыратыў белгиленген (Нызам жойбарының 3-қосымшасы).

Атап айтқанда, бюджеттен тысқары Пенсия қорының дәраматлары 64,7 триллион сум, қәрежетлери 86,1 триллион сумды қураған ҳалда Мәмлекетлик бюджеттен 23 триллион сум муғдарында трансферт ажыратылыўы режелестирилмекте (Нызам жойбарының 3-қосымшасының 3-позициясы).

Мәмлекетлик қаржыны басқарыўдың халықаралық стандартларына муўапық бюджет қамтып алыўын арттырыў ҳәм толықлығын тәмийинлеў мақсетинде 2021-жылдан баслап сыртқы қарыз есабынан мәмлекетлик бағдарламаларға бағдарланып атырған қәрежетлер консолидацияласқан бюджет қурамына киргизилди. 2026-жылы бул қәрежетлер 22,4 триллион сум муғдарында болыўы прогноз етилмекте (Нызам жойбарының 1-қосымшасы).

Жоқарыдағыларды есапқа алған ҳалда, 2026-жыл улыўма фискал баланста бюджет жетиспеўшилигиниң (Мәмлекетлик бюджет, мәмлекетлик мақсетли қорлары, Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры, сыртқы қарыз есабынан мәмлекетлик бағдарламаларды әмелге асырыўға байланыслы қәрежетлер, мәмлекетлик бағдарламаларды қаржыландырыў ушын депозитлер ҳәм ссудалар менен бирге) жоқары шегарасы жалпы ишки өнимге салыстырғанда 3 процент ямаса 59,9 триллион сум муғдарында белгиленбекте.

Онда, Мәмлекетлик бюджет ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлары бюджетлериниң дефицити 29,3 триллион сум ямаса прогноз етилип атырған жалпы ишки өнимге салыстырғанда 1,5 процент муғдарында режелестирилген (Нызам жойбарының 1-қосымшасы).

Ҳүкимет тәрепинен салық-бюджет тәртибин күшейтиў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар нәтийжесинде бюджеттиң бирлемши дефицити (Мәмлекетлик бюджет қәрежетлеринен мәмлекетлик қарызға хызмет көрсетиў бойынша процент төлемлерин шығарған ҳалда есапланатуғын Мәмлекетлик бюджет дефицити) 2026-жылы жалпы ишки өнимге салыстырғанда 0,2 процентке шекем, 2027-2028-жылларда болса 0,1 процентке шекем азайыўы прогноз етилмекте.

Бюджет жетиспеўшилиги мәмлекет қарызларын тартыў, мәмлекетлик активлерди меншиклестириў есабынан түсетуғын қаржылар ҳәм басқа да дереклер есабынан қапланады.

Республикалық бюджет дәраматлары 4-қосымшаға муўапық мағлыўмат ушын қабыл етилмекте. Онда 2026-жылы республикалық бюджет дәраматлары 292,9 триллион сум муғдарында, соннан, қосымша қун салығы бойынша түсим 84,6 триллион сумды қураўы прогноз етилмекте.

Өзбекстан Республикасы республикалық бюджетиниң қәрежетлери Нызам жойбарының 5-қосымшасында 66 биринши дәрежели бюджет қаржыларын бөлистириўшилер (министрликлер ҳәм уйымлар) кесиминде тастыйықланбақта.

Онда, Мәмлекетлик бағдарламалардың режелестирилген мәмлекетлик қәрежетлер менен үйлесимлилигин тәмийинлеў, олардың орынланыўы бойынша жәмийетлик ҳәм Парламентлик қадағалаўды күшейтиў мақсетинде, Нызам жойбарында биринши дәрежели бюджет қаржыларын бөлистириўшилердиң бюджетинде Мәмлекетлик бағдарламалар ушын ажыратылып атырған қаржылар айрықша көрсетилген.

Мысалы, Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң ағымдағы қәрежетлери қатарында 15, Денсаўлықты сақлаў министрлигинде 27, Аўыл хожалығы министрлигинде 18, Суў хожалығы министрлигинде 8 мәмлекетлик бағдарлама ҳәм илажлар ушын ажыратылған қаржылар өз алдына қатарларда көрсетилген.

Қарақалпақстан Республикасы бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджетлериниң дәраматлары ҳәм қәрежетлери Нызам жойбарының 6-қосымшасына муўапық мағлыўмат ушын қабыл етилмекте.

Өзбекстан Республикасы Бюджет кодексиниң 27-статьясына муўапық, жергиликли бюджетлердиң қәрежетлери аймақлық бюджет қаржыларын бөлистириўшилер кесиминде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери тәрепинен еркин түрде қәлиплестириледи және тийислисинше Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслери тәрепинен тастыйықланады.

Нызам жойбарының 7-қосымшасына муўапық Қарақалпақстан Республикасы бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджетлерине республикалық бюджеттен 19,7 триллион сум муғдарында тәртипке салыўшы бюджетлераралық трансфертлер өткерип берилиўи белгиленбекте.

Жергиликли бюджетлердиң турақлылығын тәмийинлеў мақсетинде қосымша қун салығынан түскен түсимлердиң (Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары менен тастыйықланатуғын дизимге муўапық ири салық төлеўшилерден тысқары) Ташкент қаласында 5 проценти, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда 20 проценти қалдырылмақта.

2026-жылы Өзбекстан Республикасы (Өзбекстан Республикасы ҳүкимети) атынан ҳәм Өзбекстан Республикасының кепиллиги астында сыртқы қарызларды тартыў бойынша жыллық қол қойылатуғын жаңа келисимлердиң шекленген көлеми 5,0 миллиард АҚШ доллары (2025-жылы 5,5 миллиард АҚШ доллары), соннан Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджетин қоллап-қуўатлаў, соның ишинде, Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети дефицитин қаржыландырыў ушын – 2,5 миллиард АҚШ доллары (2025-жылы 3,0 миллиард АҚШ доллары), инвестициялық жойбарларды қаржыландырыў ушын – 2,5 миллиард АҚШ доллары муғдарында белгиленбекте.

Буннан тысқары, мәмлекетлик қарыз портфелин диверсификациялаў ҳәм валюта қәўип-қәтерлерин азайтыў мақсетинде 2026-жыл ушын Өзбекстан Республикасы атынан шығарылатуғын мәмлекетлик баҳалы қағазлардың шекленген сап көлеми 30,0 триллион сум муғдарында белгиленбекте.

Сондай-ақ, Мәмлекетлик бюджет алдындағы қәўип-қәтерлерди азайтыў мақсетинде мәмлекет тәрепинен қабыл етилетуғын миннетлемелер (сатып алыў ямаса төлеп бериў) ҳәм тастыйықлаў хатларының берилиўи талап етилетуғын барлық мәмлекетлик-жеке меншик шериклик принциплери тийкарында қол қойылатуғын жаңа жойбарлардың баҳасының жоқары шегарасы 6,5 миллиард АҚШ доллары муғдарында белгиленеди.

Нызамның 12-статьясында, өткен жыллардағы сыяқлы, жергиликли бюджетлердиң дәрамат дереклери белгилеп берилмекте. Соннан:

– физикалық шахслардан алынатуғын мүлк ҳәм жер салығы, мүлкти ижараға бериўден алынатуғын жыллық дәрамат ҳаққындағы декларацияға тийкарланып физикалық шахслар тәрепинен төленетуғын дәрамат салығы, суў ресурсларынан пайдаланғаны ушын салық, рудалы емес қурылыс материаллары бойынша жер астынан пайдаланғаны ушын салық, айланыстан алынатуғын салық, ири салық төлеўшилерден тысқары юридикалық шахслардың мүлк ҳәм жер салығы, сондай-ақ, мәмлекетлик активлерди ижараға бериўден түсимлер районлар ҳәм қалалардың бюджетлерине;

– ири салық төлеўши юридикалық тәреплерден алынатуғын мүлк ҳәм жер салықлары, бензин, дизель жанылғысы ҳәм газди ақырғы тутыныўшыларға реализациялаўдағы акциз салығы ҳәм сол сыяқлы басқа да түрдеги салықлар Қарақалпақстан Республикасының республикалық бюджетине, ўәлаятлардың ўәлаятлық бюджетлерине ҳәм Ташкент қаласының қалалық бюджетине толық көлемде өткерилмекте.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлар, Ташкент қалалық Кеңеслери тәрепинен тийисли дәрежедеги жергиликли бюджетлерге ажыратылатуғын салықларды ҳәм басқа түрдеги дәраматларды және бюджетлераралық трансфертлерди бөлистириў ҳуқықы сақлап қалынбақта.

Нызам жойбарының 13-статьясына бола, 2026-жылы Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети қәрежетлерин әмелге асырыўдың өзине тән өзгешеликлери белгиленбекте, кейинги жылдан баслап жоқары билимлендириў шөлкемлериниң академиялық лицейлери колледж ҳәм техникумлар сыяқлы жергиликли бюджетлерден қаржыландырыўға өткерилмекте.

Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери, улыўма билим бериў ҳәм қәнигелестирилген мектеплердиң объектлерин жойбарластырыў, қурыў (реконструкциялаў) ҳәм толық оңлаўға байланыслы қәрежетлерди қаржыландырыў республикалық бюджеттен жергиликли бюджетлерге өткерилмекте.

Нызам жойбары ҳәм Бюджетнаманың толық тексти менен төмендеги силтемелер арқалы танысыўыңыз мүмкин.

– Нызам жойбары;

– Бюджетнама.

– Пуқаралар ушын бюджет

Жоқарыдағылар менен биргеликте Мәмлекетлик бюджет ҳаққындағы мағлыўматларды халық ушын қолайлы ҳәм түсиникли тәризде жеткериў мақсетинде 2026-жыл ушын Мәмлекетлик бюджет жойбары тийкарында ислеп шығылған “Пуқаралар ушын бюджет” мәлимлеме баспасы жәрияланбақта,- деп мәлимлеме береди xs.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги