Әмиўдәрья районында мийнет миграциясы бойынша семинар болып өтти

Әмиўдәрья районы ҳәкимлигинде мийнет миграциясы мәселелерин үйрениў, қәўипсиз механизмлерди және де беккемлеў ҳәм пуқаралардың сырт елдеги ҳуқықый қорғалыўын күшейтиў мақсетинде “Қәўипсиз, тәртипли ҳәм нызамлы мийнет миграциясы системасы” атамасында кең көлемли семинар болып өтти.
Илажда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Миграция агентлиги басқарма баслығы Ш.Ҳакимов, агентликтиң Қарақалпақстан Республикасы филиалы баслығы А.Ачилов, райондағы 49 мәҳәлле жетилиги ҳәм тийисли шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.
Семинарда Миграция агентлигиниң тийкарғы бағдарлары толық түсиндирилди. Атап айтқанда, мийнет миграциясы процесслерин нәтийжели басқарыў, сырт елде жумыс ислеп атырған пуқараларды есапқа алыў ҳәм олардың жағдайын мониторинг етиў, сырт елдиң абырайлы шөлкемлери менен ўақтынша мийнет жумысы бойынша бирге ислесиўди раўажландырыў, Өзбекстанның дипломатиялық ўәкилханалары менен өз-ара бирге ислесиўди кеңейтиў, сырт елдеги өзбек диаспоралары менен байланысларды беккемлеў, пуқаралардың мийнет ҳуқықларын қорғаў бойынша жаңа механизмлерди енгизиў сыяқлы принциплер агентлик жумысының тийкарын қурайтуғыны айрықша атап өтилди.
Бүгинги дәўирде миграция процесслерин нызамластырыў, ҳәр бир пуқараның мийнет етиўин қәўипсиз шөлкемлестириў үлкен әҳмийетке ийе екени, бул бағдарда мәмлекет тәрепинен кең көлемли системалы реформалар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.
Семинар даўамында Миграция агентлиги тәрепинен әмелге асырылып атырған, бәнтликти қоллап-қуўатлаў бойынша комплексли процесслер ҳаққында да толық мағлыўмат берилди. Оған бола, сырт еллерде жумыс бериўшилер менен шәртнамалар дүзиў, сыртқы мийнет миграциясына шықпақшы болған пуқараларды анықлаў ҳәм дизимге алыў, оларды кәсипке ҳәм шет тиллерине оқытыў, жумыс процесинде мониторинг алып барыў, пуқараларға социаллық ҳәм ҳуқықый жәрдем көрсетиў сыяқлы бағдарлар мийнет базарының талапларынан келип шығып әмелге асырылмақта.
Бул бағдарда мәҳәлле жетиликлериниң белсене қатнасыўы, шаңарақларға кирип барып атырғаны, халық пенен жүзбе-жүз сөйлесиўлер арқалы машқалаларды анықлаў жумыслары да жаңа системаның нәтийжелилигин арттырмақта.
– 2025-жылдың январь-сентябрь айларында Миграция агентлиги тәрепинен 156 мың пуқараға ҳуқықый, материаллық ҳәм социаллық жәрдем көрсетилди, – дейди Миграция агентлиги Сырт ел ўәкилханалары жумысын муўапықластырыў ҳәм пуқаралар мәплерин қорғаў басқармасы баслығы Шаҳруз Ҳакимов. – Сырт елдеги жумыс бериўшилер тәрепинен 1,8 миллион АҚШ доллары муғдарындағы қарыздарлықлар өндирилди ҳәм пуқараларға жеткерилди. 352 ўатанласымыздың шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетлери қайтарып алынып, 46,8 мың пуқара социаллық жәрдемлер менен тәмийинленди ҳәм 3,7 мың пуқараға материаллық жәрдем берилди. Бул нәтийжелер мийнет миграциясының тәртипке салынған, нызамлы ҳәм ең әҳмийетлиси, қәўипсиз болыўы жолында әмелге асырылып атырған избе-из жумыслардың әмелий тастыйығы болып есапланады.
Семинарда атап өтилгениндей, мийнет миграциясын дурыс жолға қойыў – бул тек ғана мәмлекетлик уйымлардың ўазыйпасы емес, ал мәҳәлле жетилигинен баслап, ҳәр бир жуўапкер шөлкемниң биргеликтеги ҳәрекетлерин талап етеди.

Әмиўдәрьяда өткерилген бул ушырасыў да халық ҳәм мәмлекет арасындағы өз-ара сөйлесиўди және де күшейтиўге, пуқаралардың сырт елде мийнет етиўин нызамлы тийкарда шөлкемлестириўге хызмет етеди. Семинарда билдирилген пикир ҳәм усыныслар болса мийнет миграциясының және де қәўипсиз, тәртипли ҳәм системалы болыўына беккем тийкар жаратады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги