Памела Коук-Хамилтон: Орайлық Азия жақын келешекте глобаллық саўда жөнелислерин белгилеўде шешиўши орын ийелейди

56

Бүгин Ташкентте “Европа Аўқамы – Орайлық Азия” үшинши экономикалық форумы өткерилди. Онда 32 мәмлекет ҳүкиметлери, халықаралық шөлкемлер ҳәм бизнес топарлардың ўәкиллери қатнасты.

Форумда Халықаралық саўда орайының атқарыўшы директоры Памела Кук-Хамилтон форумның әҳмийети, Европа Аўқамы ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери арасындағы бирге ислесиўдиң экономикалық раўажланыўдағы әҳмийетли орны ҳаққында пикир билдирди:

– Орайлық Азия ҳәм Европа Аўқамы ушын абаданлық нени аңлататуғынын ҳәм еки регион арасында терең бирге ислесиўдиң қайсы бағдарларда раўажланыўы мүмкин екенлигин додалаў әҳмийетли есапланады. Бул мәселелер бүгинги қыйын геосиясий жағдайда да оғада әҳмийетли.

2025-жыл бизге жәҳән экономикасының турақлылығына исениў аңсат емес екенлигин көрсетти. Институтлар ҳам экономикалық системалар өз-өзинен беккем турмайды. Гәп сонда, өзгерис тезлиги артты деп тек ғана соған қарап баҳалаў керек емес.

Бүгин биз қәлеген жәмийет әдалатлы, инклюзив ҳәм турақлы жәмийет болып есапланады. Оның толық әмелге асыўы Европа ҳәм Орайлық Азия экономикасын ҳәрекетке келтиретуғын киши ҳәм орта бизнести буннан былай да қоллап-қуўатлаўға байланыслы. Мәселен, мен Өзбекстандағы кептирилген мийўе ислеп шығарыўшыларды айрықша атап өтпекшимен. Олар халықаралық азық-аўқат қәўипсизлиги сертификатларын алыў ушын күни-түни мийнет етти. Бүгин болса олар мәмлекеттиң қурғақ мийўе тараўының абырайын халықаралық базарда арттырмақта. Ямаса пүткил регион бойлап өз өнимин онлайн сатыўды үйренген өнерментлерди алайық. Олар санлы көнликпелерди ийелеп, өз мийрасын дүньяға танытпақта. Мине, усындай инсанлардың тарийхы Халықаралық саўда орайын илҳамландырады.

Биз жыллар даўамында бундай бизнеслер менен көп мәрте ислескенбиз. Олардың талапларын ҳәм мәплерин биринши орынға қойыў, әсиресе, бүгинги геосиясий өзгерислер шараятында және де қоллап-қуўатлаў зәрүр. Себеби Орайлық Азия жақын келешекте глобаллық саўда бағдарларын белгилеўде шешиўши орын ийелейди.

Буннан тысқары, регион климат кризисине қарсы гүресиўде де үлкен әҳмийетке ийе. Себеби бул жерде “жасыл” энергетикаға өтиў ушын зәрүр болған әҳмийетли шийки зат резервлери үлкен муғдарда бар.

Мен үш әҳмийетли тәрепти атап өтпекшимен. Бириншиси, жеке меншик сектор орайда болыўы керек. Олар бул процесстиң нәтийжелери менен тиккелей ислеседи. Екиншиси, қағыйдаларға тийкарланған, турақлы саўда системасы ҳеш қашан өз-өзинен кепилленбейди. Жәҳән саўда шөлкеми (ЖСШ)не ағзалық мәмлекетлерге үлкен имканият береди. Қазақстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан бул жолда әдеўир жетискенликлерге еристи. Өзбекстан болса ағзалық процесиниң жуўмақлаўшы басқышында тур, Түркменстан да үлкен илгерилеўге ериспекте. Бизиң шөлкем бул ҳәрекетлерди қоллап-қуўатлап келмекте.

Сондай-ақ, инвестицияларды хошаметлеўде ЖСШ келисимин әмелге асырыў үлкен әҳмийетке ийе. Көплеген Орайлық Азия мәмлекетлери бул бағдарда бизиң жәрдемимизге мүрәжат еткен. Бул инвестициялар Транскаспий транспорт коридорын раўажландырыў ҳәм әҳмийетли шийки зат бойынша баҳа шынжырларын қәлиплестириўде шешиўши әҳмийетке ийе. ЕАның “Global Gateway” басламасы инфраструктураны жетилистириўде әҳмийетли роль атқарады.

Үшиншиден, санлы трансформацияны жеделлестириў ўақты келди. Биз санлы дәўирде жасап атырмыз. Санлы шешимлер киши ҳәм орта бизнес (SMEs) ушын үлкен имканиятлар ашады. Бирақ бул имканият тек потенциал, кепиллик емес. Ҳәммеси мәмлекеттиң санлы таярлығына байланыслы, яғный инфраструктура, санлы көнликпелер, кадрлар ҳәм нызамшылық базасы сыяқлылар болып табылады.

Бир сөз бенен айтқанда, бүгинги шөлкемлестирилген сөйлесиў тәреплер ушын мине усындай мақсетлерге умтылыў ҳәм бирге ислесиў байланысларын беккемлеўде әҳмиетли майдан болып хызмет етеди.

ӨзАның хабаршысы Насиба Зиёдуллаева жазып алды.