Өзбекстанда крипто-активлерди қалай сатып алыў ямаса сатыў мүмкин?

Ҳуқықый қатнас
Бизге белгили, Өзбекстан Республикасында крипто-активлерди сатып алыў ҳәм сатыў жумысы белгиленген тәртипте әмелге асырылады.
Бул бойынша Ташкент мәмлекетлик юридикалық университетиниң оқытыўшысы Сабоҳат Абдуллаева төмендегилерди мәлим етти.

– Крипто-активлер менен байланыслы процесслерди әмелге асырыў ушын физикалық ҳәм юридикалық тәреплер крипто-биржа ямаса крипто-дүкан хызметлеринен пайдаланыўы мүмкин. Бул жумысты әмелге асырыў ушын крипто-биржа ямаса крипто-дүкән менен шәртнама дүзиў, шахсты идентификациялаў, крипто-биржада крипто-активлер саўдаларын әмелге асырыў қағыйдаларын әмелге асырыў керек.
Сондай-ақ, Әдиллик министрлиги тәрепинен 2022-жыл 15-августта дизимнен өткерилген ҳәм Крипто-дүкән жумысын әмелге асырыў қағыйдалары және 31-октябрьде дизимнен өткерилген талапларға әмел етиў керек.
Соның менен бирге, крипто-активлер менен ислесиў тек ғана Өзбекстан Республикасы аймағында жумыс алып барып атырған лицензияланған шөлкемлер арқалы әмелге асырылыўы мүмкин. Лицензияға ийе болмаған майданлар арқалы крипто-активлер менен саўда етиў нызамсыз жумыс сыпатында баҳаланыўы мүмкин.
Крипто-активлер менен байланыслы жумыста қәўипсизлик ҳәм нызамшылыққа әмел етиў ҳәр бир қатнасыўшы ушын әҳмийетли есапланады.
ӨзА