Архив тараўында “Шежире” мәлимлеме системасы иске қосылады

Пайтахтымызда “Өзархив” агентлиги тәрепинен Президентимиздиң 2025-жыл 24-ноябрьдеги “Архив иси тараўын санластырыў ҳәм тараўда басқарыў нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў илажлары ҳаққында”ғы пәрманының мазмун-мәнисине бағышланған брифинг болып өтти. Онда агентлик мәлимлеме хызметиниң басшысы Анваржон Алиев мағлыўмат берди.
Атап өтилгениндей, бул пәрман менен мәмлекетимизде архив жумысын 2030-жылға шекем басқышпа-басқыш санластырыў, заманагөй басқарыў системасын енгизиў ҳәм пуқараларға көрсетилетуғын хызметлердиң сапасын түп-тийкарынан арттырыў бойынша анық мақсет ҳәм ўазыйпалар белгилеп берилди.
Пәрманға бола, 2030-жылға шекем төмендеги стратегиялық нәтийжелерге ерисиў белгилеп қойылған. Соның ишинде, Миллий архив қоры ҳүжжетлериниң 60 процентин санластырыў, электрон хызметлердиң үлесин 100 процентке жеткериў, хызмет көрсетиў мүддетлерин болса кеминде 3 есеге қысқартыў ҳәм 2026-жыл 1-июньнен әмелдеги архив мәлимлеме системалары тийкарында Бирден-бир миллий архив мәлимлеме системасын енгизиў белгиленген.
Бул арқалы архив тараўында бирден-бир санлы орталық жаратылады ҳәм барлық процесслер орайласқан электрон платформа арқалы әмелге асырылады. Пәрманға бола, мәмлекетлик архивлерде сақланып атырған айрықша баҳалы ҳәм сийрек ушырасатуғын ҳүжжетлер ҳәрекетин автоматластырыў мақсетинде RFID – радио частоталы идентификация технологиясы енгизиледи. Бул технология ҳүжжетлер ҳәрекетин реал ўақытта бақлаў, жоғалтыў ямаса бузылыў жағдайларының алдын алыў ҳәм есап бериўди арттырыў имканиятын береди.
2026-жыл 1-августтан бир қатар тийкарғы архив функциялары толық электрон тәризде әмелге асырылады. Соның ишинде, Миллий архив қоры ҳүжжетлерин мәмлекетлик дизимнен өткериў, ҳүжжетлер топламының дизимин дүзиў, рәсмийлестириў ҳәм тастыйықлаў, архив ҳүжжетлерин қабыл етиў ҳәм пайдаланыўға бериў, кәрханалар қайта шөлкемлестирилгенде ҳүжжетлердиң ҳуқықый мийрасхорларда сақланыўын келисиў, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң архив тапсырыўы керек болған бирден-бир дизимин қәлиплестириў әмелге асырылады.
Бул процесслердиң санластырылыўы арқалы ашық-айдынлық артады, артықша қағазпазлық сапластырылады.
Сондай-ақ, пәрманға бола, 2026-жыл 1-сентябрьден “Шежире” мәлимлеме системасы иске қосылады. Ол арқалы пуқаралар өзиниң шаңарақлық шежиресиниң мағлыўматларын онлайн түрде алыўы мүмкин болады.
Система “ПҲАЖдың бирден-бир электрон архиви,” мәмлекетлик ҳәм уйымлық архивлердиң мағлыўматлары тийкарында шежире дүзиў, Суд-экспертиза орайының ДНК мағлыўматлары арқалы этникалық келип шығыўын анықлаў хызметинен пайдаланыў имканиятларын усынады.
Пәрман архив хызметиндеги артықша талапларды бийкарлаў ҳәм хызметлерди жеделлестириўди де нәзерде тутады. 2026-жыл 1-майдан тараў хызметкерлерин аттестациядан өткериўде басшының усыныс хаты, тематикалық сораўлар ушын талап етилген ҳүжжеттиң нусқасын усыныўды талап етиў бийкар етиледи.
Бир сөз бенен айтқанда, бул пәрман архив тараўында үлкен системалы өзгерислер ушын ҳуқықый тийкар жаратып, тараўды толық санластырыў, хызметлерди әпиўайыластырыў ҳәм заманагөй технологияларды енгизиў арқалы оны жаңа басқышқа алып шығады.
ӨзА