Өзбекстанда мийнет ҳақы ҳәм пенсиялар инфляция дәрежесинен жоқары арттырылады

Экономика ҳәм қаржы министрлиги тәрепинен жәрияланған 2026-жыл ушын Бюджет мағлыўматларына бола, Өзбекстанда мийнет ҳақы, пенсия ҳәм напақалар муғдары 2030-жылға шекем ҳәр жылы инфляция дәрежесинен жоқары пәтлерде арттырып барылады. Бул илаж халықтың реал дәраматларын сақлап қалыў ҳәм социаллық қорғаўды күшейтиўге қаратылған.
Пенсия тәмийнатында жаңа басқыш: трансфертлер басқышпа-басқыш арттырылады. Макроэкономикалық ҳәм фискал сиясаттың 2030-жылға шекем мөлшерленген тийкарғы мақсетлеринде мәмлекетлик пенсия системасын реформалаў айрықша орын ийелейди. Реформалар нәтийжесинде бюджеттен Пенсия қорына ажыратылатуғын қаржылардың көлеми басқышпа-басқыш қысқаратуғыны күтилмекте.
2026-жылда Пенсия қорының финанслық көрсеткишлери төмендегише прогноз етилмекте. Қалған қаржылары – 3,9 триллион сум, дәраматлары – 64,7 триллион сум, қәрежетлери – 86,1 триллион сумды қурайды.
Қәрежетлер дәраматлардан жоқары болғаны ушын қордың жетиспеўшилигин қаплаў мақсетинде мәмлекетлик бюджеттен 23 триллион сумлық трансферт ажыратылыўы режелестирилген. Бул өткен жылға салыстырғанда 13,8 процентке көп.
Экономика ҳәм қаржы министрлиги қәлиплестирип атырған прогнозларға итибар берсек, 2027-жылы дәраматлар 75 триллион сум, қәрежетлер 95,1 триллион сум, мәмлекетлик трансферт 20 триллион сумды қурамақта.
Келеси үш жыл ишинде мәмлекетте пенсионерлер саны 489 мың адамға артып, 4,76 миллионға жетиўи күтилмекте. Соның менен бирге, ҳәр жылы пенсия жасына жетип атырған шахслардың саны 5,1 процентке өсип барады.
Бул тенденция пенсия системасына түсетуғын жүкти және де арттырады ҳәм системаны турақлы сақлаў ушын социаллық-экономикалық илажларды талап етеди.
Министрликтиң есап-санақларына бола, бюджет хызметкерлериниң мийнет ҳақысының 1 процентке арттырылыўы мәмлекетлик бюджет қәрежетлерин 1,67 триллион сумға арттырады. Пенсиялардың 1 процентке арттырылыўы болса бюджетке 861 миллиард сумға түседи. Социаллық напақа алыўшы шаңарақлар санының 10 процентке көбейиўи дерлик 1,6 триллион сум қосымша қәрежетти талап етеди.
Бюджеттеги жаңа көрсеткишлер Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң усы жылдың июль айында усынған фискал стратегиясында белгиленген санлардан сезилерли дәрежеде парық қылады. Мәселен, алдынғы прогнозларға бола 2028-жылы Пенсия қорының жетиспеўшилигин қаплаў ушын 26 триллион сум трансферт ажыратылыўы күтилген еди. Жаңа есап-санақлар болса итималлы үнемлеў пенсия реформалары есабынан тәмийинлениўи мүмкин екенлигин көрсетпекте.
ӨзА