Өзбекстанда мәмлекетлик емес улыўма билим бериў шөлкемлериниң саны артты

Елимизде билимлендириў системасын комплексли раўажландырыў, маман кадрлар таярлаў, мектепке шекемги билимлендириў системасын алдынғы сырт ел тәжирийбелери тийкарында жаңа басқышқа алып шығыў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, мектеп билимлендириўин раўажландырыў улыўма миллий ҳәрекетке айланды. Соңғы жети жылда 5 мыңнан аслам мектепте қурылыс ҳәм оңлаў жумыслары орынланды. Жасларға екинши шет тили ҳәм кәсип үйретиў кеңейтилди. Соның менен бирге, бүгинги күнде жеке меншик мектеплердиң саны 4,5 есеге артқан.
Соның ишинде, Өзбекстанда 2024-2025-оқыў жылы басында жумыс алып барып атырған улыўма орта билимлендириў шөлкемлериниң саны 10 мың 943 ти қураған. Олардың 455 и мәмлекетлик емес улыўма билимлендириў шөлкемлери болып, 2020-2021-оқыў жылына салыстырғанда 4,5 есеге көбейген.

Миллий статистика комитетиниң мағлыўматына бола, аймақлар кесиминде мәмлекетлик емес улыўма билим бериў шөлкемлериниң саны төмендегише:
Қарақалпақстан Республикасында – 7,
Әндижан ўәлаятында – 32,
Бухара ўәлаятында – 27,
Жиззақ ўәлаятында – 8;
Қашқадәрья ўәлаятында – 21;
Наўайы ўәлаятында – 4;
Наманган ўәлаятында – 28;
Самарқанд ўәлаятында – 38;
Сурхандәря ўәлаятында – 4;
Сырдәрья ўәлаятында – 12;
Ташкент ўәлаятында – 25;
Ферғана ўәлаятында – 93;
Хорезм ўәлаятында – 25;
Ташкент қаласында – 131 дана.
Гулноза Бобоева, ӨзА