Өзбекстан тийкарынан қайсы мәмлекетлерге өним экспорт етпекте?

Өзбекстан сыртқы саўда системасында соңғы жылларда бақланған өсиў динамикасы усы жылы да даўам етпекте. Миллий статистика комитетиниң мағлыўматларына бола, мәмлекеттиң экспорты тек ғана көлем емес, ал географиялық жақтан да кеңейип, тийкарғы бирге ислесиўши мәмлекетлер менен саўда байланыслары турақлыласып бармақта. 2025-жылдың январь-октябрь айлары ушын атап өтилген көрсеткишлер Өзбекстан өнимлерине сыртқы базарларда талап артқанын көрсетти.
Усы жылдың январь-октябрь айларында Өзбекстанның сыртқы саўда айланысында экспорт көлеми 29 миллиард АҚШ долларын қурады.
Бул көрсеткиш өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 27,8 процентке жоқары.
Статистикалық мағлыўматлар мәмлекеттиң сыртқы саўдасында экспорт үлеси турақлы өсиў тенденциясын көрсетип атырғанын көрсетеди. Бул дәўирде Өзбекстан товар ҳәм хызметлери ушын тийкарғы базар сыпатында бир қатар ири бирге ислесиўшилер қатнасқан.
Экспортта жоқары үлеске ийе болған ТОП-10 мәмлекет (АҚШ долларында):
Россия – 3,6 миллиард доллар;
Қытай – 1,6 миллиард доллар;
Қазақстан – 1,2 миллиард доллар;
Аўғанстан – 1,2 миллиард доллар;
Түркия – 942,4 миллион доллар;
Франция – 774,3 миллион доллар;
БАӘ – 610,8 миллион доллар;
Қырғызстан – 491,5 миллион доллар;
Тәжикстан – 470,9 миллион доллар;
Пакистан – 319,7 миллион доллар.
Таллаўларға бола, Россия Өзбекстан экспортында ең үлкен үлеске ийе мәмлекет сыпатында қалмақта. Сондай-ақ, Қытай ҳәм Қазақстан сыяқлы қоңсы ҳәм стратегиялық шерик мәмлекетлер де жоқары позицияны сақлап тур.
Экспорт көлеминиң өсиўи мәмлекет өнимлерине талапты күшейткени ҳәм сыртқы базарларда бәсекиге шыдамлылық және де артқанын көрсетеди.
Ҳамроз Баянов,
ӨзА