Қарақалпақстан – исеним ҳәм инвестиция мәканы

57

Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен ғалаба хабар қураллары ушын пресс-тур шөлкемлестирилип, журналистлер Нөкис қаласында жайласқан «NUKUS LAK BO’YOQLARI” ЖШЖға алып барылды.

Бул кәрхана 2018-жылы “Наманган порлоқ таъмирлаш сервис” ЖШЖ директоры Ҳожиакбар Ҳабибуллаев тәрепинен шөлкемлестирилген. “Қурылыс материаллары ҳәм лак бояўларын ислеп шығарыў” жойбарын әмелге асырыў мақсетинде инвестициялық (1,0 млн. доллар эквивалентинен аз болмаған) ҳәм социаллық (100 жаңа жумыс орны) миннетлемелер белгиленген ҳалда тиккелей “ноль”лик сатып алыў баҳасында сатыў бойынша алды-сатты шәртнамасы дүзилип, бүгинги күнге шекем көплеген шөлкемлестириў жумыслары әмелге асырылған. Бүгинги күнде кәрхана ушын берилген имаратта капитал оңлаў ҳәм реконструкциялаў жумыслары толық жуўмақланған.

Ҳ.Ҳабибуллаев елимизде санаат қурылыс тараўын раўажландырыў жолында нәтийжели мийнет етип киятырған тәжирийбели жаслардан.

Қурылыс өнимлериниң бәсекиге шыдамлылығын арттырыў мақсетинде оның тиккелей басшылығында 2019-жылы кәрханада “ISО 9001” халықаралық сапа стандартлары енгизилген.

2019-жылы “Ташаббус” таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышында “Жылдың ең жақсы жас исбилермени” номинациясы бойынша 1-орынды қолға киргизген.

2024-жылы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен “Үмит ушқыны” көкирек белгиси менен сыйлықланды.

– Мен 1994-жылы Наманган қаласында туўылдым, 2012-жылы Наманган юридикалық колледжин тамамладым, ӨзЛиДеП ағзасыман. Бул жерге Нөкисте жасайтуғын танысым шақырып, маған да қурылыс материалларын ислеп шығарыўды үйрет дегени ушын келип едим. Басқа ўәлаятларда да кәрханаларым бар, – дейди  Ҳ.Ҳабибуллаев.

Кәрханамыз тәрепинен лак, бояў, шпатлёвка, плита желими, грунтовка, ПВА желими, суйық айна, травертин (лак), эмаль бояў сыяқлы жәми 35 түрдеги қурылыс өнимлери ислеп шығарылады.  Кәрханада 2022-жылы 2,5 млрд. сумлық, 250, 2023-жылы 2,271 млрд. сумлық, 227,1, 2024-жылы 3,204 млрд. сумлық, 320,4 тонна өним ислеп шығарылды. Кәрханамыздың усы “Көк Сарай” қурылыс материаллары ҳәм лак-бояўларын ислеп шығарыў бөлиминде ҳәзирги ўақытта 60 адам жумыс пенен тәмийинленген.

Пресс-тур даўамында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери