Такаши Накамото: Өзбекстан Япония ушын исенимли стратегиялық шерик

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Спикери Нуриддин Исмоилов Япония Хиросима префектурасы ассамблеясының баслығы Такаши Накамото басшылығындағы делегацияны қабыллады.
Ушырасыўда Өзбекстан – Япония парламентлери арасындағы бирге ислесиў мәселелери додаланды.

Сөйлесиўде Нызамшылық палатасының Спикери мийман тәрепке жаңа редакциядағы Конституция ҳәм “Өзбекстан – 2030” стратегиясы шеңберинде мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, палатаның структуралық дүзилиси ҳаққында мағлыўмат берди.
Өз гезегинде, Т.Накамото шын жүректен қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, Өзбекстан Япония ушын исенимли стратегиялық шерик екенин атап өтти. Кейинги жылларда мәмлекетте әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды жоқары баҳалады.

Оның пикиринше, бүгинги күнде жаңа Өзбекстан артқа қайтпайтуғын демократиялық реформалар ҳәм прагматикалық сыртқы сиясат жолынан исенимли қәдем таслап, дүнья жәмийетшилиги менен ашық-айдын ҳәм жедел сөйлесиў алып бармақта.
Делегация басшысы, сондай-ақ, 2024-жылы Хиросимада Өзбекстанның ҳүрметли консулы тайынланғаны өз-ара саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди және де раўажландырыўға кең имканият жаратқанын билдирди.
Сөйлесиў ўақтында еки тәреплеме қатнасықларды буннан былай да раўажландырыў ҳәм аймақлараралық бирге ислесиў байланысларын беккемлеў зәрүр екенлиги атап өтилди.
М.Комилова,
ӨзА