Өзбекстан – Франция: Өз-ара бирге ислесиў стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилген

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Франция Республикасы парламенти Сенаты арасындағы парламентлераралық бирге ислесиў бойынша топарлардың онлайн ушырасыўы болып өтти.
Онда еки мәмлекет арасындағы парламентлераралық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, еки тәреплеме қатнасықларды беккемлеў мәселелери додаланды.

Өзбекстан – Франция бирге ислесиўи стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилгени атап өтилди. Бул жоқары дәрежедеги сапар етиўлер ҳәм ири биргеликтеги жойбарлардың әмелге асырылып атырғаны менен түсиндириледи.
Экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм бир қатар тармақларда өз-ара байланысларды раўажландырыў бойынша да пикир алысылды. Мәдений-гуманитарлық байланысларды беккемлеўге айрықша итибар қаратылды. Атап айтқанда, мәдений мийрас объектлерин реставрациялаў бойынша әмелге асырылып атырған биргеликтеги басламалар ҳәм билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиўдиң әҳмийетине итибар қаратылды.

Француз тилин үйрениўге қызығыўшылық барған сайын артып атырғаны, сондай-ақ, еки мәмлекет жоқары оқыў орынлары арасында бирге ислесиў избе-из кеңейип атырғаны атап өтилди.
Туристлик байланысларды жанландырыў, биргеликтеги туризм форумлары ҳәм мәдений илажларды өткериў бойынша усыныслар билдирилди.
Ушырасыў жуўмағында парламентлераралық бирге ислесиў бойынша топарлардың жумысын системалы жолға қойыў, олардың ҳәр жылы кеминде бир мәрте биргеликтеги мәжилислерин өткериў және гезектеги мәжилисти Өзбекстан Республикасында шөлкемлестириўге келисип алынды.
ӨзА