Кегейлиде жаңа «Күндизги күтим» хызмети жолға қойылды

83

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Майыплығы болған балаларға социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетиў системасын буннан былай да жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы қарары тийкарында, Кегейли районы Жүзимбағ АПЖ аймағында және бир «Күндизги күтим» хызмети иске түсти.

Бундағы тийкарғы мақсет имканияты шекленген балаларға социаллық орталық жаратыў ҳәм олардың ата-аналарының өз бәнтлигин тәмийинлеўге жәрдем бериў болып есапланды. Ҳәзирги ўақытта бул топарға басқарма жанында жумыс алып барып атырған Психологиялық-медициналық-педагогикалық комиссияның жуўмағы тийкарында 7 бала қамтылып, 3 пуқара жумыс пенен тәмийинленди.

Хызметтиң тийкарғы мақсети – «Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламасының орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, шаңарақлардың мийнет пенен шуғылланыўына тосқынлық етиўши факторларды азайтыў ҳәм балалардың шаңарақ орталығында тәрбияланыўына имканият жаратыў болып есапланады.

Жаңадан ашылған бул тәрбия орны Кегейли районы «Инсан» социаллық хызметлер орайы менен биргеликте жеке тәртиптеги исбилермен Динара Есеева тәрепинен шөлкемлестирилди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшы