“Ең алдынғы Ўатан таяныш отряды басшысы” жарысы өткерилди

Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты нәтийжели әмелге асырыў, жасларды Ўатансүйиўшилик, миллий дәстүр ҳәм қәдириятларымызға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў ушын муғаллимлердиң теориялық билимлери ҳәм әмелий көнликпелерин арттырыў мақсетинде, Тахтакөпир районындағы “Дәўқара” стадионында “Ең алдынғы шақырыққа шекемги басланғыш таярлық – Ўатан таяныш отряды басшысы” жарысының районлық басқышы болып өтти.
Жарысқа Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы улыўма орта билим бериў мектеплериниң шақырыққа шекемги басланғыш таярлық пәни муғаллимлери қатнасып, өзлериниң теориялық билимлери, әмелий көнликпелери, физикалық жағдайы ҳәм жаслар менен ислесиўдеги нәтийжелилигин сыннан өткерди.

Қызықлы өткен жарыс жуўмағында, биринши орынды 6-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң муғаллими Б. Бердияров жеңип алыўға миясар болды.
Сыйлы екинши ҳәм үшинши орынлар болса, 22-санлы мектеп муғаллими К. Нурманбетов ҳәм 1-санлы мектеп муғаллими С.Аллашовларға несип етти.
Жарыс соңында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшы