Студентлер бийпул экспресс-тесттен өткерилди

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Халықтың саламатлығын ҳәм миллет генофондын нәшебентлик ҳәм наркожынаятлардан нәтийжели қорғаў бойынша комплексли илажлар ҳаққында”ғы пәрманының орынланыўы шеңберинде Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында “Биз, жаслар – нәшебентлик ҳәм АИЖСқа қарсымыз!” атамасында үгит-нәсиятлаў илажы шөлкемлестирилди.
Илаж жаслар арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў ҳәм зыянлы әдетлерден қорғаўдың әҳмийетин арттырыўға қаратылған.
Илажды филиал директорының Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша биринши орынбасары Х.Абдижалиев, Қарақалпақстан Республикасы АИЖС қа қарсы гүресиў орайының шыпакер-методисти А.Жәнибекова ҳәм шыпакер жәрдемшиси Д.Далиевалар шығып сөйлеп, студентлер арасында саламат турмыс тәризин ҳәм профилактика мәдениятын қәлиплестириўдиң әҳмийетин айрықша атап өтип, нәшебентликтиң инсан саламатлығы, билимлендириў процеси ҳәм жәмийетлик турмысқа унамсыз тәсири ҳаққында мағлыўматлар берилди.
Сондай-ақ, илажда нәшебентликтиң ақыбетлери, АИЖС инфекциясының жуғыў жоллары, жеке гигиена ҳәм профилактика илажларының әҳмийети ҳаққында түсиниклер берилди.





Қәнигелер тәрепинен тест нәтийжелериниң сыр сақланыўы ҳәм ерте диагноз қойыўдың әҳмийети де айрықша атап өтилип, филиал оқытыўшылары, хызметкерлери ҳәм студентлери ықтыярый түрде қан тапсырып, олар АИЖСты анықлаў ушын бийпул экспресс-тесттен өтиў имканиятына ийе болды. Процесс санитариялық-гигиеналық талапларға толық әмел еткен ҳалда шөлкемлестирилди ҳәм бул профилактикалық илаж сыпатында жаслар ҳәм хызметкерлердиң саламатлығын қорғаўға хызмет етеди.
Илажда қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги