Дзюдошымыз гүмис медальды ийеледи
87

Ҳәзирги күнлери Бухара қаласындағы «Универсал» спорт сарайында дзюдо бойынша ересеклер арасындағы Өзбекстан чемпионаты болып өтпекте.
Кеше жарыстың екинши күни ерлер -73, -81, ҳаял-қызлар -63 ҳәм -70 кг салмақ категорияларында татамиге шығып, жеңимпазлық ушын өз-ара беллесиўге түсти.
Қызықлы өткен жарыс жуўмағында, -81кг салмақ категориясында беллесиўлерге кирискен республикамыз ўәкили Толқын Ачилов финалға шекем жетип келди ҳәм финалда наўайылы Зулфиддин Усмановқа жеңилип қалды.
Солай етип усы өткен еки күн ишинде республикамыз дзюдошылары бир қола ҳәм бир гүмис медалын қолға киргизиўге миясар болды.
Жарыс еле даўам етпекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы