«Жасыл мәкан» – келешек ушын егилген үмит нәллери

Мәмлекетимизде “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде “Жасыл мәкан,” “Жасыл белбеў”лер шөлкемлестириў, экологиялық қоршаған орталықты қорғаўға үлкен әҳмийет қаратылып, бул бағдардағы илажлар шөлкемлескенлик пенен өткерип келинбекте.
Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасының басламасы менен Нөкис қаласының “Ата мәкан” мәҳәллесинде 1 гектардан аслам пайдаланылмай турған жер майданы өзлестирилип, егислик жағдайға алып келинди.
Бул жер майданына нәл егиў процесинде Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Ш.Аминовтың басшылығында нураныйлар, белсенди жаслар қатнасып, 300 түптен аслам мийўели ҳәм саяманлы терек нәллери егилди.




Әлбетте, жойбардан гөзленген мақсет экологияны жақсылаў, жасыл аймақларды кеңейтиў ҳәм халықтың тәбиятқа болған мүнәсибетин және қоршаған орталықты жақсылаў ҳәм экологиялық турақлылықты тәмийинлеў, республикамыз аймақларында жасыл майданларды көбейтиў, халықты экологиялық мәдениятқа шақырыўдан ибарат.
Қарақалпақстан хабар агентлиги