Усы жыл 25-сентябрь күни пайтахтымыздағы «Жаслар орайы»нда Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси жанындағы «Камалак» балалар шөлкеминиң гезектеги II Президиум мәжилиси болып өтти.

Онда «Жазды «Камалак» пенен» жойбары шеңберинде әмелге асырылған жумыслар, «Сәрдарлар кеңеси» жумысларын жолға қойыў, балаларды усы шөлкем ағзалығына қабыллаў, қалалық ҳәм районлық «Камалак» балалар шөлкемлериниң гезектеги II Президиум мәжилислерин өткериўге байланыслы мәселелер қаралды.

Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша Тахтакөпир, Қанлыкөл, Шымбай районлық «Камалак» балалар шөлкемлери баслықларының есаплары тыңланды.

Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң бөлим баслығы М.Альжанов шығып сөйлеп, «Сәрдарлар кеңеси» жумысларын жолға қойыўда, балаларды усы шөлкем ағзалығына қабыллаўда жол қойылып атырған кемшиликлерди атап өтип, пикир-усынысларын билдирди.

Реже тийкарында қалалық ҳәм районлық «Камалак» балалар шөлкемлериниң гезектеги II Президиум мәжилислерин усы жылдың 28-сентябрь ҳәм 5-октябрь күнлери аралығында өткериўге келисип алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.