Судьялар дәслеп бес жыл, кейин ала мүддетсиз дәўирге сайланады

49

Мәмлекетимиз басшысының “Судьялар жәмийетшилиги уйымлары жумысының нәтийжелилигин ҳәм ашық-айдынлығын арттырыў және суд еркинлиги кепилликлерин буннан былай да күшейтиў илажлары ҳаққында”ғы пәрманы қабыл етилди.

Оған бола, судьяларды гезектеги 10 жыллық мүддетке тайынлаў (сайлаў) тәртиби бийкар етиледи. Судьялық лаўазымларына талабанларды дәслеп 5 жыл мүддетке, кейин ала мүддетсиз дәўирге тайынлаў (сайлаў) тәртиби белгиленеди.

Районлараралық, районлық, қалалық судлардың баслықлары ҳәм олардың орынбасарлары лаўазымларына талабанларды анық өлшемлерге бола судьялар арасында ашық таңлаў тийкарында таңлаў тәртиби орнатылады.

Судьяның кәсиплик жумысын баҳалаўда “ҳадаллық,” “кәсиплик уқыплылық” ҳәм “судьялар әдеби қағыйдаларына әмел етиў” талапларының анық нормалары нызам дәрежесинде белгиленеди.

Судьялар жоқары кеңесиниң турақлы тийкарда жумыс алып барыўшы судьялары лаўазымларына талабанлар тийисли суд судьялары квалификациялық коллегиялары тәрепинен усыныс етиледи.

Кеңестиң турақлы тийкарда жумыс алып баратуғын судьялары лаўазымына, қағыйда түринде, судья сыпатында кеминде 7 жыл ислеген судьялардың кандидатурасы көрсетилиўи мүмкин.

Пәрманға бола, Судьялар жәмийетшилиги уйымларының бийғәрезлигин арттырыў мақсетинде Кеңес ҳәм Судьялар жоқары маманлық коллегиясының биргеликтеги мәжилисин өткериў тәртиби бийкар етиледи.

Кеңес баслығына, оның конституциялық статусынан келип шығып, судьялардың квалификациялық коллегиялары тәрепинен интизамый ис тийкарсыз тамамланған ямаса интизамый жаза исленген қылмысқа сәйкес емес деп табылған жағдайда, квалификациялық коллегиялардың қарарларын қайта көрип шығыў бойынша усыныс киргизиў, кеңестиң структурасы ҳәм штат кестесин белгиленген штат бирликлери шеңберинде еркин түрде тастыйықлаў ўәкилликлери бериледи.

2025-жыл 15-декабрьге шекем Кеңестиң рәсмий веб-сайтында суд системасындағы бос басшылық ҳәм жоқары турыўшы судьялық лаўазымларына байланыслы мағлыўматлар ҳәм оларды ийелеў ушын таңлаўда қатнасыў тәртиби, суд системасындағы судьялық лаўазымлары, соның ишинде, басшылық ҳәм жоқары турыўшы судьялық лаўазымларына талабанларды таңлаў және тайынлаў бойынша барлық басқышларға байланыслы мағлыўматлар ашық жәрияланып барылады.

ӨзА