Автоавария нәтийжесинде жеткерилген зыян өндирилди

65

Пуқара П.М «Chevrolet Tacuma» маркалы автотранспорт қуралын басқарып, Нөкис қаласы аймағындағы Беруний көшесинде тезликти нормадан арттырғаны нәтийжесинде «NEXIA-3» маркалы автомашина менен соқлығысып кетеди.

Жүз берген автоавария нәтийжесинде усы автомашинаға 23,2 миллион сум материаллық зыян жеткерген. Усы зыянды өндириў ҳаққында жынаят ислери бойынша Нөкис қалалық суды тәрепинен 2025-жылдың 29-сентябринде шешиўши қарар қабыл етилген.

Суд қарарына тийкар Мәжбүрий орынлаў бюросы Шоманай районлық бөлиминиң мәмлекетлик орынлаўшылары тәрепинен орынлаў ҳәрекетине кирисилген.

Атап айтқанда, қарыздарға 15 күнлик мүддет ишинде суд қарарының орынланыўы тәмийинлениўи керек екенлиги, болмаса қарыздарлыққа қосымша төлемлер қолланылыўы, сондай-ақ, ҳәкимшилик жәриймаға тартылыўы мүмкинлиги ҳаққында түсиник жумыслары алып барылған. Нәтийжеде жәбирлениўши бюроның Шоманай районлық бөлимине быйылғы жылдың 10-ноябрь күни келип, жеткерилген 23,2 миллион сумнан аслам материаллық зыян толығы менен қапланғанын билдирген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги