Ферғанада «Өзбекстан – Қубла Корея дослық оқыў орайы» шөлкемлестирилди. Бул ҳаққында Daryo.uz хабар бермекте.

Орайда тил үйретиў менен бирге кореец халқының миллий қәдириятлары ҳаққында да толық мағлыўмат бериледи. Методист ҳәм қәнигелер Кореядан алып келинеди. Кореец тилин жақсы билетуғын жергиликли муғаллимлер де таңлаў тийкарында жумысқа қабыл етиледи. Қубла Кореяда ислеў ушын тест сынақларының биринши басқышы усы жердиң өзинде тапсырылады.

Ашылыў салатанатында сөзге шыққанлар усындай орайлардың тез арада Нөкис, Қарши ҳәм Бухара қалаларында да шөлкемлестирилетуғынлығы ҳаққында мәлим етти.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.