Тақыятаслы Өмирбек гүмис медаль ийеси

34

Ҳәзирги күнлери Ташкент қаласында спорттың бир неше түрлери бойынша жас өспиримлер арасында «Президент Олимпиадасы» жарыслары болып өтпекте.

Қуўанышлы тәрепи сонда, аўыр атлетика бойынша өткерилген беллесиўлерде ерлер арасында жерлесимиз, Тақыятас спорт мектебиниң тәрбияланыўшысы Өмирбек Мырзабаев 55 кг салмақ категориясында дәс көтериўде 98, силкип көтериўде 118 кг нәтийже көрсетип, гүмис медаль ийесине айланды.

Бул үмитли спортшымызды жарысқа Мерей Беласаров таярлады.

Жарыслар даўам етпекте.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы