Гүлистан Пердебаеваға «Ең жақсы сабляшы» сыйлығы тапсырылды

66

Көпшиликтиң хабары болса керек, октябрь айында Халықаралық қылышласыў федерациясы (FIE) жыл жуўмақлары бойынша ең жақсы спортшылардың дизимин жәриялаған еди.

Қуўанышлы тәрепи сонда, олардың арасында еки ўатанласымыз, сабля бойынша жаслар арасында жәҳән рейтингиниң жетекшиси, Өзбекстан сайланды командасының ағзасы Гүлистан Пердебаева усы бағдарда ең жақсы спортшы, төрешилик бойынша үлкен жетискенликлерге ерисип атырған Дилором Турдықулова шпага бағдарында ҳәзирги ўақыттағы ең жақсы 3 төрешилерден бири сыпатында тән алынды.

Жақында Бахрейн пайтахты  Манама қаласында FIE ўәкили В.Логвин жерлесимиз Гүлистан Пердебаеваға естелик алтын медалын салтанатлы түрде тапсырды.

– Алла-таалаға мың қәтле шүкир, қызымның бундай жоқары мәртебеге ерискенине оғада қуўанышлыман, -дейди Гүлистанның анасы елимизге белгили журналист ҳәм илимпаз Тамара Машарипова. – Буның ушын қызымның тренерлерине үлкен рахмет айтаман.

Бизлер де өз гезегинде республикамыздың мақтанышына айланған бул әжайып спортшымызды қолға киргизген үлкен табысы менен қутлықлап, оның алдағы жарысларда да жеңимпаз болыўына тилеклеслик билдирип қаламыз.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы