“Өзбекстанда мәмлекетлик хызметкерлердиң потенциалын арттырыў бағдарламасы” пилот жойбары иске түсирилди

57

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Басқарыў нәтийжелилиги агентлиги ҳәм Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги (KOICA) менен биргеликте “Өзбекстанда мәмлекетлик хызметкерлердиң потенциалын арттырыў бағдарламасы” әмелге асырылмақта.

KIPA делегациясының Ташкент қаласына сапары шеңберинде жойбарды иске қосыў мәресими шөлкемлестирилди.

Атап өтиў керек, KIPA – Корея мәмлекетлик басқарыў институты болып, Корея ҳүкимети тәрепинен қаржыландырылады. Институтқа 1991-жыл 5-октябрьде тийкар салынған.

Институттың мақсети басқарыў системасын раўажландырыў ҳәм жақсылаў бойынша халық мәпи ҳәм социаллық реформаларға хызмет ететуғын изертлеўлер өткериў, мәмлекетлик басқарыў тараўында профессионал, жуўапкершиликли ҳәм әҳмийетли изертлеўлер өткериў арқалы ҳүкимет сиясатын қоллап-қуўатлаў.

Өзбекстанда мәмлекетлик хызметкерлердиң потенциалын арттырыўға байланыслы жойбардың мақсети мәмлекетлик хызмет нәтийжелилигин арттырыў, кадрлардың профессионал тәжирийбесин арттырыўды тәмийинлеўден ибарат.

Жойбар шеңберинде мәмлекетлик шөлкемлерде жумыс ислеў ушын профессионал қәнигеликлерди анықлаў ҳәм тән алыў мақсетинде инсан ресурсларын сертификатластырыў системасы енгизиледи, пилот министрликлерде болса лаўазымлар анализи өткериледи. Сырт ел тәжирийбелерин үйрениў мақсетинде илажлар әмелге асырылады.

ӨзА