Өзбек-Түркмен байланыслары және де беккемленеди

Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы ӨзЛиДеП фракциясының мәжилисинде бир қатар мәселелер додаланды. Соның ишинде, депутатлар Түркменстан Президенти С.Бердимуҳамедовтың елимизге әмелге асырған рәсмий сапары Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасындағы әзелий дослық ҳәм туўысқанлық байланысларын және де беккемлейтуғынын атап өтти.
“Шават-Ташаўыз” биргеликтеги шегараалды саўда зонасы еки халық арасындағы саўда-экономикалық байланысларды жаңа басқышқа алып шығыўы, саўда майданы еки тәреп өнимлери ушын жаңа базарлар ашып атырғаны атап өтилди.
Атап өтилгениндей, Саўда зонасының инфраструктурасы заманагөй тәризде шөлкемлестирилгени, бажыхана, ветеринария, фитосанитариялық ҳәм банк хызметлериниң бир жерде жәмленгени исбилерменлер ушын кең имканият жаратады. Бул болса товар айланысын тезлестирип, исбилерменлик жумысын жеңиллетиў, ашық-айдынлық ҳәм қолайлылықты тәмийинлеўге хызмет етеди.
Жаңа посттың техникалық жақтан толық үскенеленгени бажыхана қадағалаўының нәтийжелилигин және де арттыратуғыны сөзсиз.
Мәжилисте бул жойбар тек ғана еки қоңсы мәмлекет емес, ал бирге ислесиўден мәпдар болған сырт елли инвесторлар ушын да әҳмийетли саўда орайына айланатуғынына исеним билдирилди.
Атап өтилгениндей, бул орынның ашылыўы регионда жаңа экономикалық мәнзиллер, биргеликтеги жойбарлар ҳәм инвестиция ағымларының кеңейиўине тийкар жаратады. Ең әҳмийетлиси, халықларымыз арасындағы дослық, өз-ара ҳүрмет ҳәм туўысқанлық руўхын және де күшейтти.
ӨзА