Коррупция – жәмийеттиң раўажланыўына тосқынлық

Коррупцияға қарсы гүресиў – бул тек жынаятшылықты азайтыў емес. Бул мәмлекеттиң турақлы раўажланыўы, басқарыў системасының ашық-айдын ҳәм нәтийжели ислеўин тәмийинлеўге қаратылған стратегиялық ўазыйпа болып табылады.
Өзбекстан Республикасында бүгинги күнде коррупцияны түп-тийкары менен сапластырыў мақсетинде үзликсиз реформалар әмелге асырылмақта. Мәмлекетлик басқарыўда ашық-айдынлықты күшейтиў, жуўапкершиликти арттырыў ҳәм ҳадаллық принциплерин ҳәр бир тараўда беккемлеў – бул процесстиң тийкарғы бағдарларын қурайды.
Өзбекстан Республикасы Президенти 2025-жыл 29-июль күни турмыслық коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыў илажлары бойынша өткерилген илажда прокуратура уйымлары хызметкерлери тәрепинен коррупциялық жағдайлар жүз бериўиниң алдын алыўда системалы жантасыў, бунда коррупция ҳәм басқа түрдеги ҳуқықбузарлықларға жол қоймаў бойынша үгит-нәсият жумысларын күнделикли иске айландырыў, коррупциядан жырақ «Жаңа Өзбекстан ушын бирлесейик!» сүрени астында түсиник ҳәм ескертиў илажларын күшейтиў тапсырмасы берилген еди. Усы тапсырмадан келип шығып, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросының Қарақалпақстан Республикасы басқармасында Жеке қәўипсизликти тәмийинлеў секторы хызметкерлери басламасы менен илаж өткерилди.

– «Коррупциядан жырақ Жаңа Өзбекстан ушын бирлесейик!» сүрени астында усындай илажлар бюронын барлық районлық ҳәм қалалық бөлимлеринде өткерилиўи тәмийинленди, – дейди басқарма баслығының орынбасары В.Ерниязова. – Мақсет бюро хызметкерлери арасында дәмегөйликтиң, коррупцияның ақыбетлери бойынша түсиник жумысларын күшейтиў болып табылады.
Коррупцияны азайтыў – жәмийеттиң исенимин тиклеў, экономиканың саламат раўажланыўына шараят жаратыў ҳәм ҳәр бир пуқара ушын тең имканиятларды тәмийинлеўдиң әҳмийетли шәрти есапланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги