Усы жыл 25-сентябрь күни пайтахтымыздағы «Истиқлол» балалардың жазғы дем алыў орайындағы Балалар китапханасында Қарақалпақстан Республикасы Баспасөз ҳәм хабар агентлигиниң шөлкемлестириўинде «Балалар китабы» көргизбеси ашылды. Оған республикамызға белгили жазыўшылар, шайырлар, муғаллимлер, «Зульфия» атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреатлары ҳәм мектеп оқыўшылары қатнасты.

Илаждың ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы К.Кәримов, Қарақалпақстан Республикасы Баспасөз ҳәм хабар агентлигиниң директоры А.Бекмуратов, шайыр Я.Әжимов, «Өзбекстан «Адолат» СДП Қарақалпақстан Республикасы аймақлық Кеңеси  баслығының орынбасары Р.Отарбаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимизде оқыўшылардың билимин арттырыў, олардың китапқа болған қызығыўшылығын күшейтиў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар туўралы мағлыўмат берип, китап ҳәм оның әҳмийетине тоқтап өтти.

Ҳақыйқатында да, инсанның руўхый дүньясын, сана-сезимин байытыўда, оның интеллектуаллық имканиятын, дүньяға көзқарасын, пикирлеў қәбилетин раўажландырыўда китаптың тутқан орны айрықша. Сонлықтан да, кейинги жылларда елимизде китап баспасы жумысларына, жазыўшы ҳәм шайырларымыздың дөретпелерин, жәҳән классикалық әдебияты дүрданаларын баспадан шығарыўға үлкен итибар қаратылмақта. Қала ҳәм районларымызда изли-изинен иске түсип атырған китап дүканлары бул пикиримизди тастыйықлайды.

Илаж қатнасыўшылары жазыўшы ҳәм шайырлар, «Қарақалпақстан» ҳәм «Билим» баспасы қәнигелеринен ибарат секторларға бөлинип ушырасып, пикир алысыўын даўам етти. Бул жерде оқыўшылар жазыўшы ҳәм шайырлардың жаңа шығармалары, қосықлары менен танысты. Әдебий мушайра өткерилди.

Илажда усы китапханадағы китаплардың, «Қарақалпақстан» ҳәм «Билим» баспасы тәрепинен баспадан шыққан жаңа китаплардың көргизбеси шөлкемлестирилди.

Илаж даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

(М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери)