Өзбекстан ҳәм Тәжикстан: ашық ҳәм исенимли сөйлесиў стратегиялық шерикликти беккемлемекте

52

Өзбекстан ҳәм Тәжикстан мәмлекетлери басшыларының ашық ҳәм исенимли сөйлесиўи стратегиялық шерикликти тереңлестириў ҳәм беккемлеўге, еки тәреплеме қатнасықларды әмелий мазмун менен байытыўға хызмет етпекте.

Бул Өзбекстан Сенатының Баслығы Танзила Норбоеваның Тәжикстан Республикасының Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Абдужаббор Раҳмонзода менен ушырасыўында атап өтилди.

Өз-ара сөйлесиўде еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы көрип шығылды. Саўда-экономикалық, транспорт, энергетика, билимлендириў ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда бақланып атырған унамлы динамика атап өтилди.

Ушырасыўда кеңейип баратырған парламентлераралық бирге ислесиў мәселелерине де итибар қаратылды. Орайлық Азия жетекши ҳаял-қызларының сөйлесиўи шеңбериндеги байланыслардың жеделлескени ҳәм бул бағдардағы имканиятлар додаланды.

Ушырасыў жуўмағында Өзбекстандағы дипломатиялық миссиясын жуўмақлап атырған елшиниң конструктивлик бирге ислесиўи ушын миннетдаршылық билдирилди.

 

Н.Абдураимова, ӨзА